Job 35
Элиҳудың үшинши сөзи
1Элиҳу сөзин былай даўам етти: 2– Аюп, сиз: «Қудайдың алдында ҳақпан», – дейсиз.Усы дурыс деп ойлайсыз ба?
3Және де: «Менде қандай артықмашлық бар?
Гүна ислемеў арқалы мен неге еристим?» – деп сорайсыз.
4Мен сизге ҳәм досларыңызға жуўап беремен.
5Көклерге көз жиберип, қараңлар,
Бултларға көз жибериң, олар сизлерден бийик.
6Егер гүна ислесеңиз, буннан Қудайға қандай зыян келеди?
Егер қылмысыңыз көбейсе, Оған қандай тәсири бар?
7Егер әдил болсаңыз, буннан Қудайға не пайда?
Ямаса Ол сизлердиң қолыңыздан не алады?
8Жаўызлығыңыз өзлериңизге уқсаған адамларға зыян келтиреди.
Ал әдиллигиңиз болса, тек адам баласы ушын тәсир етеди.
9Езиўшиликтиң ҳәдден тыс көплигинен адамлар пәрияд етеди,
Күшлилердиң қолынан қутқарыўды сорап, жалбарынады.
10Бирақ ҳеш ким: «Түнде қосықлар инам еткен,
Мениң Жаратыўшым – Қудай қайда екен?
11Ол бизлерге жер бетиндеги ҳайўанларға қарағанда көбирек үйреткен,
Бизлерди көктеги қуслардан ақыллырақ етип жаратқан», – демейди.
12Жаўыз адамлардың менменлиги себепли,
Адамлар пәрияд етеди, бирақ Қудай жуўап бермейди.
13Аўа, Қудай бос сөзлерге қулақ салмайды,
Қүдирети күшли Қудай оны итибарға алмайды.
14Аюп, сиз: «Оны көрип турған жоқпан», – дейсиз,
Бирақ даўа-арзыңыз Оның алдында. Оны күте турың!
15Енди сиз: «Ол қәҳәрленип, жаза бермеди,
Қылмыс иске де кеўил бөлмейди», – дейсиз.
16Усылайынша, сиз мылжың гәплерди айтасыз,
Ҳеш нәрсе билмей турып, гәпти көбейтип атырсыз.
Copyright information for
KaaIBT22C