Job 36
Элиҳудың ең кейинги сөзи
1Элиҳу сөзин даўам етип, және былай деди: 2– Бираз сабыр қылыңлар, мен сизлерге көрсетейин,Еле Қудай ушын айтатуғын сөзлерим бар.
3Мен билимимди түрли дереклерден топладым,
Жаратыўшымның әдиллигин дәлиллеп берейин.
4Шынында, сөзлерим де жалған емес,
Қарсыңызда билими жетик бир адам тур.
5Әлбетте, Қудай қүдиретли,
Бирақ Ол ҳеш кимди пәс көрмейди,
Оның қүдирети де, даналығы да шексиз.
6Ол залымлардың жасай бериўине жол қоймайды,
Ал жарлыларға әдалатлық қылады.
7Ол әдиллерден көзлерин айырмайды,
Оларды патшалар сыяқлы тахтқа отырғызып,
Мәңгиге мәртебели қылады.
8Егер әдиллер шынжыр менен байланған,
Азап дузағына түсирилген болса,
9Онда Қудай олардың гүналарын,
Менменсип ислеген қылмысларын өзлерине көрсетеди.
10Тәлим алсын деп, олардың қулақларын ашады,
Ҳәм жаўызлықтан бас тартыўды буйырады.
11Егер олар Қудайға бойсынып, Оған хызмет етсе,
Онда олардың қалған күнлери бахытқа,
Жыллары шадлыққа толы болады.
12Ал егер олар Қудайға бойсынбаса, қылыштан өткерилип,
Билим алмастан, өлип кетеди.
13Қудайсызлардың иши ғәзепке толы болады,
Қудай оларды кисенлесе де, жәрдем сорамайды.
14Олар жаслай өледи,
Өмири шерменделик пенен аяқланады.
15Қудай қыйналғанларды шеккен азаплары арқалы қутқарады,
Машқалаларға дуўшар етиў арқалы Өзин тыңлайтуғын қылады.
16Ол сизди де дәрттен азат етип,
Қәўипсиз, шекленбеген кеңисликке алып шығар,
Дастурханыңызды ләззетли тағамларға толтырар еди.
17Бирақ сиз айыплылар алатуғын жазаны толық алғансыз,
Ҳүким ҳәм әдалат жағаңызға асылып алған.
18Ғәзеплениўден сақланың, байлық сизди азғырмасын,
Мол пара да сизди жолдан урмасын.
19Байлығыңыз, күш-қүдиретиңиз,
Сизди дәрттен қутқара ала ма?
20Сонлықтан халықлар өз орнынан,
Жоқ қылынатуғын түнди аңсамаң.
21Жаўызлыққа жүз бурыўдан сақ болың,
Сиз апаттан гөре, гүнаны таңлаған көринесиз.
Элиҳудың Аюпқа Қудайдың қүдиретин еслетиўи
22– Билип қойыңыз, Қудайдың қүдирети уллы,Ол киби тәлим беретуғын устаз бар ма?
23Ким Оған жүретуғын жолын белгилеп береди?
Ямаса ким Оған: «Мына исиң надурыс», – деп айта алады?
24Қудайдың ислерин алғыслаўды умытпаңыз,
Адамлар сол ҳаққында тәрийиплеў қосықларын айтады.
25Барлық адамлар Оның ислерине таң қалып,
Ҳәр бир адам оларға узақтан қарайды.
26Аўа, Қудай уллы, бизлер Оны түсине алмаймыз,
Оның өмир жылларының саны да ақылға сыймайды.
27Ол суў пуўларын көтерип алып,
Оларды жаўын тамшыларына айландырады.
28Бултлар суў тамшыларын төгеди,
Ол адамлардың үстине нөсер болып қуяды.
29Бултлардың қалай жайылатуғынын,
Оның шатырынан шыққан гүлдирмаманың қалай гүркирейтуғынын ким түсине алады?
30Қудай көкте шақмағын шақтырғанда,
Оны теңиздиң түбинен көриўге болады.
31Қудай халықларға усылай бийлик жүргизип,
Мол азық-аўқат береди.
32Ол шақмақты Өз қолларында сақлап,
Нышанға барып тийиўге буйрық береди.
33Гүркиреў даўылдан хабар береди,
Ҳәтте, маллар да даўылдың болатуғынын сезеди.
Copyright information for
KaaIBT22C