Job 38
Жаратқан Ийениң Аюп пенен сөйлесиў ушын келиўи
1Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди: 2– Билимсиз сөзлериң менен,Даналық шешимлериме гүман келтиретуғындай, сен ким болыпсаң?
3Еркек киби белиңди беккем буў,
Мен сорайман, сен жуўап бер.
4Мен жердиң негизин орнатқанда, сен қай жерде едиң?
Билетуғын болсаң, маған айт.
5Оның өлшемин белгилеген ким?
Оның үстинен жип тартқан ким? Сен оны билесең-ғо!
6Жердиң тийкарлары нениң үстине қойылған?
Оның иргетасын қойған ким?
7Сол ўақытта таң жулдызлары шадланып бақырысып,
Иләҳий барлықлар қуўаныш пенен қышқырысқан еди.
8Теңиз жер түбинен атылып шыққанда,
Оған қапылар қойып, бөгет басқан ким еди?
9Мен оған бултларды кийим,
Қара түнекти жөргек қылдым.
10Шегаралар белгилеп,
Теңизге тәмбиленген қапылар қойдым.
11Соңынан оған: «Мына жерге дейин келесең, оннан өтпейсең,
Сениң өркөкирек толқынларың усы жерде тоқтайды», – дедим.
12Сен өмириңде бир мәрте болса да, таңға буйрық бердиң бе?
Ямаса таң шуғласына орнын белгилеп бердиң бе?
13Оған жердиң түп-түпкирлерине жетип барып,
Залымларды жасырынған жеринен силкип шығарыўды буйырдың ба?
14Жер жүзи ылайға мөр басылғандай болып, өзгереди,
Кийим кийгендей болып безенеди.
15Залымлар күн нурынан маҳрум етиледи,
Көтерилген қоллары сындырылады.
16Сен теңиздиң суў көзлерине түсип көрдиң бе?
Ямаса теңиз түбин изертлеп көрдиң бе?
17Саған өлилер мәканының дәрўазалары көрсетилип пе еди?
Ямаса қара түнектиң дәрўазаларын көрип пе едиң?
18Жер кеңислигин түсиндиң бе?
Егер булардың ҳәммесин билген болсаң, онда түсиндир!
19Нурдың мәканына алып баратуғын жол қайда?
Ал қараңғылықтың мәканы қай жерде?
20Оларды өз орнына қайтара аласаң ба?
Олардың үйине баратуғын жолды билесең бе?
21Аўа, сен билесең! Сен олардан бурын туўылғансаң!
Жүдә узақ өмир көрип атырсаң!
22Сен қар сақланатуғын жерге кирдиң бе?
Ямаса буршақ сақланатуғын жерди көрдиң бе?
23Мен оларды апат күнлери ушын,
Урыс ҳәм саўаш күнлери ушын сақлап қойыппан.
24Жақтылықтың қай жерден келип,
Шығыс самалының қай жерден басланатуғынын билесең бе?
25Ким нөсер жаўын ушын арна,
Жылдырым ушын жол ашты?
26Адам жасамайтуғын жерлерге,
Бос қалған шөллерге жаўын жаўдыратуғын ким?
27Керексиз қуў шөлди суўға қандырып,
Ол жерлерге шөплер өсиретуғын ким?
28Жаўынның әкеси бар ма?
Шық тамшыларын дүньяға келтирген ким?
29Муз кимниң қурсағынан шықты?
Аспаннан түскен қыраўды ким туўды?
30Суўлар тастай болып қатып қалады,
Теңиздиң бети музлап қалады.
31Үркердиң шынжырларын байлай аласаң ба?
Ямаса Орионның жиплерин шеше аласаң ба?
32Жулдызлар топарын өз ўақтында шығара аласаң ба?
Ямаса Жети қарақшыны балалары менен бирге жетелей аласаң ба?
33Сен аспанға тийисли қағыйдаларды билесең бе?
Ямаса сол нызамларды жер бетинде орната аласаң ба?
34Үстиме нөсер жаўын жаўсын деп,
Бултларға бақырып, буйрық бере аласаң ба?
35Шақмақларға шағыўды буйыра аласаң ба?
Олар саған: «Бизлер сениң хызметиңдемиз», – дер ме екен?
36Жүрекке даналық,
Ақылға түсиник берген ким?
37Бултларды санаўға кимниң даналығы жетеди?
Ким аспандағы суў меслерин аўдарып таслай алады?
38Сонда шаң ылайға айланып,
Кесеклер бир-бирине жабысады.
39– 40Жас арысланлар уясында жасырынып,
Урғашы арыслан олжа аңлып, пута астында жатырғанда,
Сен урғашы арысланға олжа тутып бере аласаң ба?
Ямаса жас арысланлардың қарнын тойдыра аласаң ба?
41Ғарғаның балалары ашлықтан қаңғып жүрип,
Қудайға жалынғанда,
Оларды азық пенен тәмийинлейтуғын ким?
Copyright information for
KaaIBT22C