Job 40
1Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди: 2– Еркек киби белиңди беккем буў,Мен сорайман, сен жуўап бер.
3Сен Мени әдалатсызлықта айыпламақшымысаң?
Өзиңди ақлаў ушын мени қараламақшымысаң?
4Сенде Қудайдың, яғный Мениң қүдиретимдей қүдирет бар ма?
Даўысың Меники сыяқлы гүркирей ала ма?
5Егер солай болса, онда өзиңди даңқ ҳәм бәлент мәртебе менен безе,
Уллылық ҳәм салтанатқа бөлен.
6Ғәзебиңди төгип, шаш,
Тәкаббирлерге көз салып, оларды бойсындыр.
7Тәкаббирлерге нәзер салып, оларды диз шөктир.
Жаўызларды турған жеринде мылжалап тасла.
8Олардың ҳәммесин бирге топыраққа көм,
Жүзин кепинге орап, қараңғы дүньяға байлап қой.
9Сонда оң қолыңның сени қутқарғанын,
Мен де мойныма алайын.
10Мына бегемотқа қара,
Сени жаратқаным сыяқлы, оны да Мен жараттым.
Ол өгиз сыяқлы шөп жейди.
11Оның белинде не деген күши бар,
Қарнындағы булшық етлери қандай беккем!
12Оның қуйрығы кедр ағашы сыяқлы мықлы,
Жамбасындағы сиңирлери өрим-өрим.
13Сүйеклери қола бөренелерге,
Қабырғалары темир бақанларға уқсайды.
14Бегемот Мениң жаратқанларым ишиндеги ең әжайыбы,
Жаратқанның Өзи ғана оған қылыш көтере алады.
15Таўлар оған азық береди,
Ол жерде барлық жабайы ҳайўанлар ойнақлап жүреди.
16Бегемот лотос жапырағы астында,
Батпақлықта өскен қамыслар арасында жатады.
17Лотос жапырақлары оған көлеңке түсирип,
Дәрья бойындағы таллар оны орап турады.
18Дәрья бурқасынлап ақса да, ол қорқпайды,
Иордан тасып, аўзына келсе де, оған тәсир етпейди.
19Ким оны көзине түспей, тута алады?
Ким оның мурнынан илмек өткере алады?
20Ал Лиўятанды ▼
▼ Лиўятан – теңизде жасайтуғын үлкен мақлуқ.
ше, балық услайтуғын қармақ пенен услап,Тилин жип пенен байлай аласаң ба?
21Оның мурнынан жип өткизип,
Жағына қармақ илдире аласаң ба?
22Ол саған қайта-қайта жалынып-жалбарынып,
Сениң менен жыллы сөйлесер ме екен?
23Саған мәңгиге қул болыў ушын,
Сениң менен келисим дүзер ме екен?
24Қус пенен ойнаған сыяқлы, оның менен ойнай аласаң ба?
Ямаса ермек қылыўы ушын, қызларыңа оны байлап бере аласаң ба?
25Балықшылар оның ушын саўдаласа ма?
Саўдагерлер оны өз ара бөлисип ала ма?
26Оның терисин найза менен,
Басын балықшының шанышқысы менен тесе аласаң ба?
27Қолыңды оған тийгизип көр,
Екинши мәрте тийгизбейтуғын боласаң,
Бул саўашты да ҳеш қашан умытпайтуғын боласаң.
Copyright information for
KaaIBT22C