Job 42:10-16
Қудайдың Аюпты қайта жарылқаўы
10Аюп дослары ушын дуўа еткеннен соң, Жаратқан Ийе оның ҳал-жағдайын бурынғы абаданшылығына қайтарып, бурын болған нәрселериниң ҳәммесин еки есе қылып қайтарып берди. 11Аюптың аға-инилери, апа-қарындаслары ҳәм оны бурын танығанның ҳәммеси оның үйине келип, Аюп пенен бирге аўқатланды. Олар Жаратқан Ийениң басына салған барлық сынақлары ушын Аюпқа кеўил айтты ҳәм тәселле берди. Олардың ҳәр бири Аюпқа бир кесита ▼▼ Кесита – қандай да бир өлшем бирлик, оның аўырлығы белгисиз.
гүмис ҳәм бир алтын сырғадан сыйға берди. 12Жаратқан Ийе Аюптың соңғы күнлерин бурынғысынан да бетер жарылқады. Енди онда он төрт мың қой, алты мың түйе, бир мың жуп өгиз ҳәм мың урғашы ешек болды. 13Және де, Аюптың жети ул ҳәм үш қызы болды. 14Ол биринши қызына Емима, екиншисине Кесиа, үшиншисине Керен-Ҳаппух деп ат қойды. 15Үлкениң ҳеш бир жеринде Аюптың қызларындай сулыў қызлар болмады. Әкеси Аюп қызларына аға-инилери менен бирдей мийрас ажыратып, еншиге берди. 16Буннан кейин, Аюп және бир жүз қырық жыл жасап, төрт әўлад көрди.
Copyright information for
KaaIBT22C