‏ Job 5

Элифаз сөзин даўам етеди

1– Ал енди, Аюп, шақырғың келсе, шақыр! Саған жуўап бергендей, биреў бар ма екен?
Периштелердиң қайсысынан жәрдем сорамақшысаң?
2Ашыў-ғәзеп ақмақты набыт қылар,
Күншиллик саданы өлтирер,
3Мен ақмақтың тамыр жайғанын көрдим,
Бирақ тосаттан оның үй-иши ғарғысқа ушырады.
4Оның балалары аманлықтан аўлақ болар,
Ҳүким ўақтында езилер,
Бирақ оларды жақлайтуғын ҳеш ким болмас.
5Оның зүрәәтин ашлар жеп қояр,
Ҳәтте, тикенлер арасында өскенлерин де.
Ашкөзлер мал-мүлкин де алып кетер.
6Жаўызлық жерден өсип шықпайды,
Ғам-қайғы да атызда өспейди.
7Деген менен, от ушқынының жоқары қарап ушқаны сыяқлы,
Азап шегиў ушын туўылар инсан.

8Бирақ мен Қудайды излеген,
Даўа-арзымды Оған тапсырған болар едим.
9Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп,
Сансыз кәраматлар көрсетер.
10Ол жер бетине жаўын жаўдырып,
Атызларды суўғарар.
11Ол төмен аўҳалдағыларды жоқары көтерип,
Қайғыға батқанларды қәўипсизликке шығарар.
12Ол ҳийлекерлердиң нийетлерине тосқынлық жасап,
Оларды табыстан маҳрум етер.
13Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы қолға түсирип,
Ҳийлекерлердиң ойларын пушқа шығарар.
14Күндиз олар қараңғылыққа тап болар,
Тал түсте де түндегидей сыйпаланып жүрер.
15Қудай жарлыны жаманлардың ашшы сөзлеринен,
Күшлилердиң қолынан қутқарар.
16Солай екен, кәмбағалларда үмит бар,
Наҳақлардың аўзы жабылар.

17Қудай ескертип, дүзететуғын адам қандай бахытлы!
Сонлықтан Қүдирети күшли Қудайдың үгит-нәсиятын писент етпей жүрме.
18Ол жаралайды ҳәм Өзи оны таңады,
Ол зыян келтиреди, бирақ Өз қолы менен шыпалайды.
19Ол сени алты бахытсызлықтан қутқарады,
Жетинши апат та саған зыян келтире алмайды.
20Ашаршылықта өлимнен,
Урыста қылыштан сақлайды.
21Ол сени тил бәлесинен қорғайды,
Апат келгенде қорқпайтуғын боласаң.
22Ўайраншылық ҳәм ашлық үстинен күлетуғын боласаң,
Жабайы ҳайўанлардан да қорқпайтуғын боласаң.
23Даладағы таслар менен тил табысасаң,
Жабайы ҳайўанлар да сениң менен татыў болады.
24Сен үйиңниң қәўипсизлик ишинде екенин билесең,
Сүриў ҳәм падаларыңды көзден өткергениңде,
Ҳеш нәрсеңниң жоғалмағанын көресең.
25Сениң сансыз балаларың болады,
Урпағың жер бетиндеги шөп сыяқлы мол болады.
26Өз ўақтында буўылған бийдай баўы киби,
Жасарыңды жасап, қәбириңе киресең.

27Мине, бизлер буны изертледик, ҳәммеси ҳақыйқат екен,
Усыларды тыңлап, қабыл қыл.
Copyright information for KaaIBT22C