Job 7
Аюптың өмирден налыўы
1Адамның жердеги турмысы аўыр мийнеттен ибарат емес пе?Оның күнлери күнликшиниң күнине уқсамай ма?
2Адам кешки көлеңкени аңсаған қулға,
Мийнет ҳақысын күткен күнликшиге уқсайды.
3Сол сыяқлы, үлес етип мәниссиз айлар берилди,
Пайыма азаплы кешелер тийди.
4Жатқанымда: «Қашан турар екенмен?» – деп айтаман,
Бирақ түн узаққа созылып,
Таң атқанша, өрден-ыққа аўнап шығаман.
5Денемди қурт пенен жара басқан,
Терим тесилип, ириң ақпақта.
6Күнлерим тоқыўшының мәкисинен де тезирек өтпекте,
Бирақ үмитсиз жуўмақланбақта.
7Қудай, өмиримниң бир дем сыяқлы екенин умытпа,
Көзим енди қайтып жақсылықты көрмейди.
8Мени көрип турған көзлериң кейин мени көрмейди,
Көзлериң мени излейди, бирақ мен жоқ боламан.
9Булттың серпилип, жоқ болып кеткениндей,
Өлилер мәканына кеткен адам да қайтып келмейди.
10Ол үйине қайтып келмейди,
Жасаған жери де енди оны еске алмайды.
11Соның ушын аўзыма ерк беремен,
Өз дәртимди баян етемен.
Жанымның азабы ишинде шағым етемен.
12Қудайым, Сен маған сақшы қоятуғындай,
Мен не, теңиз ямаса теңиз айдарҳасы ма едим?
13Төсегим маған тәселле берер,
Жатсам, дәртим жеңиллесер, деп ойласам,
14Мени түслер арқалы қорқытып,
Аянлар арқалы зәрремди ушырасаң.
15Бул денеде жасағаннан гөре,
Буўылып, өлгеним жақсы еди.
16Мен жасаўдан тойдым, мәңги жасаўды қәлемеймен,
Мени тыныш қой, өмирим өзи бир демдей ғана.
17Инсан ким өзи, оны сонша қәдирлеп,
Оған дыққат қоясаң,
18Ҳәр таңда оны тексерип,
Ҳәр сәтте оны сынайсаң?
19Қашанға шекем меннен көз үзбейсең?
Түкиригимди жутып алғанша да, мени тыныш қоймақшы емесписең?
20Егер гүна ислеген болсам, Саған не тәсири бар, адамзаттың Бақлаўшысы?
Не ушын мени Өзиңе нышан қылып қойдың?
Мен Саған соншелли жүк болдым ба?
21Не ушын қылмысларымды кеширип,
Гүналарымды меннен алып тасламайсаң?
Себеби тез арада топыраққа қайтаман.
Мени излейсең, бирақ мен жоқ боламан.
Copyright information for
KaaIBT22C