‏ Job 8

Билдадтың биринши сөзи

1Сонда шуўахлы Билдад Аюпқа былай деди:

2– Қашанға дейин усы сөзлериңди даўам етесең?
Аўзыңнан шыққан сөзлериң даўылға уқсайды.
3Қудай әдилликти бурмалай ма?
Қүдирети күшли Қудай ҳақыйқатты бурмалай ма?
4Балаларың Оған қарсы гүна иследи.
Сонлықтан Қудай да оларды гүналары ушын жазалаған.
5Бирақ, сен егер Қудайды шақырып,
Қүдирети күшли Қудайға жалбарынсаң,
6Егер сен пәк ҳәм әдил болсаң,
Онда Ол саған жәрдемге келип,
Сени ылайықлы орынға қайтарады.
7Сонда басланыўы кишкене болса да,
Келешегиң уллы болады.

8Өтинемен, өткен әўладлардан сорап көр,
Олардың ата-бабаларының нелерди излеп билгенин қарап көр.
9Бизлер кеше туўылдық, ҳеш нәрсе билмеймиз,
Бизлердиң жер бетиндеги күнлеримиз көлеңкедей өткинши.
10Олар саған үйретип, нәсият береди,
Жүреклериндеги сөзлерин сөйлеп береди.

11Батпақлық жоқ жерде папирус
Папирус – батпақлық жерлерде өсетуғын қамысқа уқсаған өсимлик.
өсе ме?
Суўсыз жерде қамыс бой соза ма?
12Ҳәтте, олар көгерип турып, еле орылмай атырып-ақ,
Ҳәмме шөплерден бурын қуўрап қалады.
13Қудайды умытқанлар да келешекте сол күйге түседи,
Қудайсызлардың үмити де солай қурыйды.
14Олардың исенгени морт,
Сүйенгени өрмекшиниң аўындай.
15Сондай адам өз үйине сүйенсе, үй тура алмайды,
Беккем усласа да, ол шыдам бере алмайды.
16Қудайсыз адам қуяш астында суўы мол жерде,
Өсип турған өсимликке уқсайды,
Оның шақалары бағ үстинде жайылып турады.
17Тамырлары тас үйиндилерин орап алып,
Таслардың арасына орналасып алады.
18Ал егер өсимлик сол жерден жулып тасланса,
Сол жердиң өзи оннан танып: «Сени ҳеш қашан көрмедим», – дейди.
19Оның өмириниң қуўанышы мине, усылай аяқланады!
Ал топырақтан болса, басқа өсимликлер өсип шығады.

20Қудай минсиз адамды тәрк етпейди,
Жаўызлық ислегенлерди де қолламайды.
21Ол және, сениң аўзыңды күлкиге,
Еринлериңди шадлық ҳаўазына толтырады.
22Сонда душпанларың уятқа қалады,
Залымлардың шатыры ўайран болады.
Copyright information for KaaIBT22C