Job 9
Аюптың жуўабы
1Сонда Аюп былай деп жуўап берди: 2– Аўа, ырас, буның сондай екенин мен де билемен,Бирақ инсан Қудайдың алдында қалай ақлана алады?
3Егер адам Қудай менен тартыспақшы болса да,
Ол берген мың сораўдан биреўине де жуўап бере алмас еди.
4Қудайдың даналығы терең, қүдирети күшли,
Оның менен қасарысып, Ким аман қала алды?
5Алдын ала ескертпей-ақ, Ол таўларды жылжытар,
Ғәзепленгенде, оларды аўдарып таслар.
6Ол жерди орнынан қозғап, силкитер,
Оның тиреклерин титиретер.
7Ол қуяшқа буйрық берсе, қуяш уясынан шықпай қояр,
Жулдызларды да қулыплап қояр.
8Оның жалғыз Өзи көклерди жайған,
Ол теңиз толқынлары үстинде жүрер.
9Ол Жети қарақшыны, Орионды,
Үркерди ҳәм қубладағы жулдызлардың ҳәммесин жаратты.
10Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп,
Сансыз кәраматлар көрсетер.
11Егер Ол қасымнан өтип кетсе де, мен Оны көрмеймен,
Жақынлап өтип кетсе де, мен Оны байқамайман.
12Егер Ол алып қойса, Оны ким тоқтата алады?
Ким Оған: «Сен не қылып атырсаң?» – деп айта алады?
13Қудай Өз ғәзебин тутып турмайды,
Раҳабтың ▼ жәрдемшилери де Оның аяғына жығылады.
14Солай екен, мен қалай Оған жуўап бере аламан?
Оған айтыў ушын сөзлерди қайдан табаман?
15Айыпсыз болсам да, Оған жуўап бере алмас едим,
Мен тек Қазымнан реҳим етиўин ғана сорап жалбарынар едим.
16Егер Оны даўыслап шақырсам, Ол да маған жуўап берсе еди.
Бирақ, мениң даўысыма қулақ салатуғынына исенбеймен.
17Ол мени дүбелей менен соққылап, азап бермекте,
Айыпсыздан айыпсыз жараларымды көбейтпекте.
18Ол дем алыўға да жол қоймайды,
Жүрегимди қайғыға толтырып атыр.
19Егер күш сыналса, Ол күшли!
Егер әдалат соралса, Оны ким қазыханаға алып келе алады?
20Айыпсыз болсам да, өз аўзым мени айыплы етер,
Егер, ҳәтте, минсиз болсам да, Ол мени наҳаққа шығарар.
21Мен минсизбен, бирақ енди маған бәри бир,
Өз өмиримнен түңилип турман.
22Аўа, бәри бир екен. Сонлықтан мен былай деймен:
«Қудай айыпсызды да, айыплыны да набыт қылады».
23Бахытсызлық тосаттан өлим келтирсе,
Ол айыпсызлардың басына түскен апатқа күледи.
24Жер жүзи залымлардың қолына берилген,
Ол оның қазыларының көзин жаўып қойған.
Егер буны Ол ислемеген болса, онда басқа ким екен?
25Күнлерим жуўырыўшыдан да тез жуўырып өтпекте,
Олар жақсылық көрмей-ақ, өтип кетпекте.
26Олар қамыс қайық сыяқлы,
Олжаға тасланған бүркит сыяқлы, тез көзден ғайып болады.
27Егер мен: «Шағымымды умытайын,
Қайғылы түримди өзгертип, күлимсирейин», – десем де,
28Бәри бир көретуғын азабымнан қорқар едим.
Билемен, Сен мени айыпсыз деп санамайсаң.
29Егер айыплы деп табылған екенмен,
Онда бостан-босқа гүресип не қыламан?
30Ҳәтте, қар суўына жуўынсам да,
Қолларымды сабын менен жуўсам да,
31Бәри бир Сен мени ылай шуқырға таслайсаң,
Ҳәтте, кийимлерим де меннен жеркенеди.
32Қудай мен сыяқлы инсан болмағанлықтан,
Мен Оған жуўап бере алмайман,
Оның менен бирге қазыханаға да бара алмайман.
33Қолын екеўимиздиң үстимизге қойып, жарастыратуғын,
Арамызда бир дәлдалшы болса еди!
34Ҳасасын үстимнен алып тасласа еди Қудай,
Қорқынышы да мени қорқытыўды тоқтатса еди!
35Сонда мен Оннан қорқпастан, Оның менен сөйлесер едим,
Бирақ бул аўҳалда ҳеш нәрсе қыла алмайман.
Copyright information for
KaaIBT22C