‏ Joel 2

Шегирткелер ҳәм душпанлар

1Сионда кәрнай шертиңлер!
Мухаддес таўымда дабыл урыңлар!
Қорқыўдан титиресин бул жерде жасайтуғынлар,
Өйткени киятыр Жаратқан Ийениң күни,
Ол жүдә жақын.
2Бул күн қараңғы, тас түнек,
Бултлы ҳәм қап-қараңғы болар.
Таўлардың үстинен жайылған таң нуры яңлы,
Сансыз ҳәм күшли бир ләшкер ордасы киятыр.
Әўеллери бундай ҳеш жүз бермеген,
Әўладлар бойы да ҳеш қашан болмас.
3Олардың алдында жалмайтуғын от,
Артында лаўлаған жалын жанар.
Алдындағы Эден бағы сыяқлы жерлер,
Олар өткеннен кейин, изсиз шөлге айланар.
Ҳеш нәрсе қашып қутыла алмас олардан.

4Олардың көриниси атларға уқсайды,
Саўаш атларындай дүсирлеседи.
5Таў төбесине шығып атырған,
Саўаш арбасының даўысындай дүсирлейди,
Сабанды жандырып атырған жалындай тысырлайды,
Саўашқа сап тартып, жүрис қылған,
Күшли ләшкер ордасының шаўқымына уқсайды.
6Олардың алдында қорқынышқа түседи халықлар,
Ҳәммениң жүзи солып, ағарып кетеди.
7Баҳадырлардай ҳүжим қылады олар,
Батыр әскерлер сыяқлы дийўалларға өрмелеп минеди.
Олар сап тартыўы менен алға басып,
Ҳеш бири өз жолынан шетке шықпайды.
8Бир-бирин ийтерип, түртпестен,
Ҳәммеси сапты бузбай қәдем басады.
Жаўдың қураллы бөгетлерин жарып өткенде де,
Оларды ҳеш нәрсе тоқтата алмас.
9Олар қалаға бастырып кирип,
Дийўаллардан өрмелеп өтеди,
Үйлерге тырмасып минип,
Урыдай терезеден киреди.

10Олардың алдында жер силкинеди,
Аспан қалтырап турады.
Қуяш ҳәм ай қарайып кетеди,
Жулдызлардың нуры сөнеди.
11Даўысы гүркиреп, Жаратқан Ийе ордасын баслап барады,
Сансыз Оның ләшкерлери,
Оның буйрығына бойсынатуғынлар қүдиретли.
Жаратқан Ийениң сол күни уллы ҳәм қорқынышлы!
Сол күнге ким шыдай алар екен?!

Тәўбеге шақырылыў

12Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәзир ораза тутып, жылап ҳәм көз жас төгип,
Пүткил жүрегиңиз бенен Маған қайтың.
13Кийимиңизди емес, жүреклериңизди жыртың».

Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қайтың.
Себеби Жаратқан Ийе мийримли, реҳимли,
Сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги уллы.
Жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай.
14Ким биледи, Ол райынан қайтып, реҳим қылыўы мүмкин?
Кейин берекет береди.
Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийеге,
Ғәлле ҳәм ишимлик садақаларыңызды усынарсыз.

15Сионда кәрнай шертиң,
Ораза ушын күн белгилең,
Сол күни салтанатлы жыйналыс жәриялаң.
16Жыйнаң халықты,
Пәклең жәмийетти,
Қартайғанларды бир жерге шақырың,
Балаларды, ҳәттеки емизиўли бөпелерди алып келиң.
Және де, күйеў өз бөлмесинен шықсын,
Келиншек шымылдықтан шығып келсин.
17Руўханийлер, Жаратқан Ийениң хызметкерлери,
Жыласын Ибадатхананың айўаны менен қурбанлық орын арасында,
Жалбарынсын олар былай деп:
«Жаратқан Ийе, Өз халқыңа реҳим қыл,
Мүлкиң әпсанаға айланып, масқара болмасын басқа миллетлер арасында,
Халықлар: „Олардың Қудайы қаяқта?“– деп мазақ қылмасын».

Жаратқан Ийениң жуўабы

18Сонда Жаратқан Ийе жаны ашып,
Реҳим қылды Өз халқына.
19Былай деп жуўап берди Ол халқына:
«Мине, сизлерге беремен ғәлле, жаңа шарап ҳәм зәйтүн майын,
Булардан тойып ишип-жейсиз.
Енди жол қоймайман миллетлер арасында мазақ болыўыңызға.
20Арқадан келген қәўипти сизлерден узақластыраман,
Қуўраған ҳәм изсиз шөлге оларды айдап жиберемен.
Алдындағыларды шығыстағы теңизге,
Кейиндегилерди батыстағы теңизге ылақтыраман.
Сасық ийис шығады өликлеринен».
Шынында да, Жаратқан Ийе уллы ис қылды.

21Қорқпа, жер жүзи, қуўанып шадлан!
Жаратқан Ийе уллы ислерди иследи.
22Қорқпаң, жабайы ҳайўанлар!
Себеби жасылға дөнеди жайлаўлар.
Мийўелерин берер мийўе ағашлар,
Әнжир ҳәм жүзимлердиң мийўелери мол болады.
23Ҳәй, Сион халқы, шадланың,
Қудайыңыз Жаратқан Ийеде қуўаның.
Тикленип алыўыңыз ушын, Ол сизлерге гүзги жаўын жаўдырды,
Өз ўақтында жаўдырды гүз ҳәм бәҳәр жаўынларын.
24Енди қырманларда таза дәнлер мол болып,
Шарапқа ҳәм зәйтүн майына ыдыслар толып тасады.

Жаратқан Ийе Өз халқын қутқарады

25Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сол жыллары сизлерге жиберген,
Шегиртке үйирлериниң жегенлериниң,
Қыйратқанларының, жалмағанларының,
Яғный, Мен жиберген ләшкер ордасының,
Келтирген зыянының орнын толтыраман.
26Енди қәлегениңизше жеп тоясыз,
Сизлер ушын әжайып ислерди көрсеткен,
Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Маған алғыс айтасыз.
Халқым, сизлер енди ҳасла шерменде болмайсыз.
27Ҳәй, Израил, Мениң араңызда екенимди,
Мениң Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди,
Меннен басқа қудай жоқ екенин билип аласыз.
Халқым, сизлер енди ҳасла шерменде болмайсыз.
28Соннан кейин, барлық адамлардың үстине,
Өз Руўхымды жаўдыраман.
Ул ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық қылады,
Қартайған адамларыңыз түслер,
Жасларыңыз аянлар көреди.
29Өз Руўхымды жаўдыраман сол күнлерде,
Ҳәттеки қул ҳәм шорылардың үстине.
30Аспанда ҳәм жер жүзинде белги көрсетемен,
Қан, от ҳәм түтин минарасы пайда болады.
31Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын,
Қуяш қараңғыланып, ай қанға айланады.
32Сонда Мениң, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады.
Жаратқан Ийе, яғный Мен ўәде бергенимдей,
Сион таўындағы ҳәм Ерусалимдеги қашып қутылғанлар,
Аман қалғанлар Жаратқан Ийениң, яғный Мениң таңлап алғанларым болады».
Copyright information for KaaIBT22C