Joel 3
Жаратқан Ийе халықларды ҳүким қылады
1«Мине, сол күнлерде, Мен Яҳуда ҳәм Ерусалимди,Қайтадан абаданшылыққа еристиргенимде,
2Барлық миллетлерди жыйнап,
Еҳошафат ▼
▼ Еҳошафат – «Жаратқан Ийе ҳүким қылады» дегенди билдиреди.
ойпатлығына алып бараман.Мүлким болған Израил халқын,
Миллетлер арасына тарқатып, жеримди бөлисип алғаны ушын,
Сол жерде оларды ҳүким қыламан.
3Олар қул сайлаў ушын шек таслады халқым ушын,
Өзлери бузықшылық қылыў ушын, ер балаларды сатты,
Ишкен шарабы ушын қызларды төлем орнына берди.
4Ҳәй, Тир, Сидон ҳәм барлық филист үлкелери,
Сизлерге Меннен не керек?
Меннен өш алыўды қәлейсизлер ме?
Егер Меннен өш алмақшы болсаңыз,
Сол ўақыттың өзинде өз қылмысыңызды,
Қайтарып өз басыңызға саламан.
5Сизлер тонап алдыңыз гүмис ҳәм алтынымды,
Алып кеттиңиз өз ибадатханаларыңызға қымбат баҳалы затларымды.
6Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын греклерге сатып,
Оларды өз ўатанынан узақластырдыңыз.
7Көресизлер, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқын,
Алып шығаман сизлер сатқан жерлерден.
Қылмысыңызды өз басыңызға саламан.
8Енди ул ҳәм қызларыңызды Яҳуда халқына тапсыраман,
Оларды узақ бир журтқа – шебалыларға сатады.
Буларды Жаратқан Ийе болған Мен айттым.
9Миллетлер арасында былай деп жәриялаң:
„Саўашқа таярланып, батырларыңызды шақырың,
Барлық әскерлериңиз атланып, ҳүжимге шықсын!
10Пазнаңыздан қылышлар,
Орағыңыздан найзалар соғың.
Жаўынгермен, – десин ҳәлсизлер.
11Ҳәй, дөгеректеги барлық миллетлер, асығың,
Ҳәммеңиз жылдам келиң“».
Жаратқан Ийеден Өз батырларын сол жерге әкелиўин сораң.
12Жаратқан Ийе былай дейди:
«Миллетлер аяққа турсын,
Еҳошафат ойпатлығына топлансын.
Себеби дөгеректеги барлық миллетлерди,
Ҳүким етиў ушын сол жерде боламан.
13Қәне, орақ салыңлар, егинлер писти,
Келиңлер, жүзим искенжелери толып кетти,
Басып жүзимлерди сығыңлар.
Өйткени олардың жаўызлықлары толып кетти».
14Ҳүким ойпатлығына,
Сансыз аламан жыйналды,
Ҳүким ойпатлығына,
Жақынласты Жаратқан Ийениң күни.
15Қуяш ҳәм ай қараңғыласқан,
Жулдызлардың нуры сөнип қалған.
16Жаратқан Ийе Сионда турып бақырады,
Ерусалимнен гүркиреген даўыс шығарады.
Аспан ҳәм жер шайқалады.
Бирақ Жаратқан Ийе Өз халқын панасына алады,
Израил халқының қорғаны болады.
Қудай Өз халқын жарылқайды
17Жаратқан Ийе және былай дейди:«Сол ўақытта сизлер билетуғын боласыз,
Мухаддес таўым болған Сионды мәкан еткен,
Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен екенимди.
Ерусалим мухаддес қала,
Басқа халықлар оны енди ҳасла басып алмайды.
18Сол күни мазалы жүзим шарабы ағар таўлардан,
Сүт ағып турар төбешиклерден,
Яҳудадағы ҳәмме суўсыз өзеклер суўға толады,
Жаратқан Ийениң Үйинен бир булақ шығады,
Шиттим ойпатлығын суўғарады.
19Бирақ Мысыр ўайран болады,
Эдом изсиз шөлге айланады,
Себеби олар яҳудалылардың жерине ҳүжим қылып,
Айыпсыз адамлардың қанын төкти.
20Ал Яҳуда адамның мәңги мәканлайтуғын жери болады,
Ерусалим әўладтан-әўладқа турады.
21Төгилген қанлар ушын жаза бермеген едим,
Енди олардың қанының өшин аламан.
Жаратқан Ийеңиз болған Мен Сионды мәканлайман».
Copyright information for
KaaIBT22C