John 13:36-38
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мат 26:31-35; Мрк 14:27-31; Лук 22:31-34)
36Шимон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди. 37Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди. 38Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.
Copyright information for
KaaIBT22C