John 18:28-32
Ийса Пилат алдында
(Мат 27:1-2, 11-31; Мрк 15:1-5; Лук 23:1-5, 13-25)
28Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан ҳәким Пилаттың сарайына алып барды. Олар Қутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын сарайға кирмеди. 29Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады. 30Олар жуўап берип: – Егер бул адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди. 31Пилат оларға: – Оны өзлериңиз алып кетип, өз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди өлтириўге рухсат етилмеген, – деди. 32Ийсаның Өзиниң қандай өлим менен өлетуғыны ҳаққында айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.
Copyright information for
KaaIBT22C