John 6:15-21
15Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти.Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи
(Мат 14:22-33; Мрк 6:45-52)
16Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери көлге барды. 17Олар бир қайыққа минип, көлдиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди. 18Күшли самал есип, көл толқынлана баслады. 19Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, көлдиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. 20Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди. 21Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
Copyright information for
KaaIBT22C