‏ Jonah 1

Юнустың Жаратқан Ийеден қашыўы

1Жаратқан Ийеден Амиттай улы Юнусқа мынадай сөз түсти:

2– Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, халқына ўаз айт. Себеби олардың жаўызлықлары Маған жетип келди.

3Бирақ Юнус Жаратқан Ийеден Таршишке қашпақшы болды. Ол Яфо
Яфо – Жер Орта теңизиндеги Ерусалимге тийисли порт қала.
қаласына келип, Таршишке баратуғын бир кемени тапты. Жол ҳақысын төлеп, кемеге отырды да, Жаратқан Ийениң нәзеринен қашыў ушын, Таршишке қарай жолға шықты.

4Сонда Жаратқан Ийе теңизге күшли самал жиберди. Теңизде қәҳәрли даўыл көтерилип, кеме шыл-пәрше болып сынып кетейин деп қалды. 5Кемешилерди қорқыныш бийлеп, ҳәр бири өз қудайына даўыслап жалбарына баслады ҳәм кемени жеңиллетиў ушын жүклерди теңизге таслады. Юнус болса, кемениң төменги қабатына түсип жатып, терең уйқыға кеткен еди.

6Кеме басшысы Юнустың жанына барып:

– Ҳәй! Сен қалай уйықлап атырсаң? Тур, өз қудайыңа жалбарын. Мүмкин, ол бизлерди есине алар ҳәм бизлер аман қалармыз, – деди.

7Соңынан кемешилер бир-бирине:

– Келиңлер, шек таслайық ҳәм бул апат басымызға ким себепли түскенин билейик, – деди. Олар шек таслады ҳәм шек Юнусқа түсти.

8Олар Юнустан:

– Бизлерге айт, бул апат бизлердиң басымызға сен себепли түскен жоқ па? Кәсип-кәриң не, қаяқтан киятырсаң? Өзиң қай жерлисең ҳәм қайсы миллетке тийислисең? – деп сорады.

9Юнус:

– Мен евреймен, теңизди ҳәм жерди жаратқан аспанның Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынаман, – деп жуўап берди.

10Кемешилерди қатты қорқыныш бийлеп, олар Юнустан:

– Неге булай иследиң? – деп сорады. Олар Юнустың Жаратқан Ийеден қашып киятырғанын билетуғын еди. Өйткени Юнус оларға буны айтып берген еди.

11Теңиз қутырыўын кем-кемнен күшейте берди. Олар Юнустан:

– Теңиздиң тынышланыўы ушын бизлер саған не ислеўимиз керек? – деп сорады.

12Ол:

– Мени көтерип, теңизге ылақтырың, сонда ол тынышланады. Себеби бул күшли даўылға мен себепли дуўшар болғаныңызды билемен, – деп жуўап берди.

13Кемешилер қурғақлыққа жетиў ушын бар күшлерин салып ескек ессе де, бирақ жете алмады. Өйткени теңиз оларға қарсы қутырыўын кем-кемнен күшейте берди. 14Сонда олар Жаратқан Ийеге даўыслап былай деди:

«О, Жаратқан Ийе! Саған жалбарынамыз, усы адамның жаны себепли бизлер набыт болмайық. Егер ол айыпсыз болса, оның қаны ушын бизлерди жуўапкер қылма. Себеби Сен, Жаратқан Ийе, Өзиңе мақул болған исти иследиң».

15Соңынан олар Юнусты теңизге ылақтырып жиберди. Сонда қутырып турған теңиз тынышланды.

16Бул ўақыя себепли кемешилер Жаратқан Ийеден қатты қорқып қалды ҳәм Оған арнап қурбанлық шалып, ўәделер берди.
Copyright information for KaaIBT22C