Jonah 2
1Сол ўақытта Жаратқан Ийе Юнусты жутыўы ушын үлкен бир балықты жиберди. Юнус үш күн, үш түн усы балықтың ишинде болды. 2Юнус балықтың ишинде өзиниң Қудайы Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти:Юнустың дуўасы
3«Аўыр жағдайға түскенимде,Сени шақырдым Жаратқан Ийе!
Жуўап бердиң Сен маған.
Өлилер мәканының түпкиринен,
Жәрдем сорап бақырдым,
Еситтиң Сен даўысымды мениң.
4Тереңликке, теңиз түбине ылақтырдың мени,
Қоршады суў ағыслары әтирапымды.
Пүткил суўларың да, қутырған толқынларың да,
Басып өтти үстимнен мениң.
5Сонда мен былай дедим:
„Қуўылғанман Сениң алдыңнан,
Бирақ көремен және мухаддес Ибадатханаңды“.
6Суўлар мени туншықтырды,
Қоршап алды түпсизлик те,
Басыма шырмалды теңиз шөплери.
7Түстим таўлар түбине,
Қамалдым қапылары мәңгиге илинген жерге.
Бирақ Сен, Қудайым, Жаратқан Ийе,
Шуқырдан қутқардың жанымды мениң.
8Жаным алқымыма тақалғанда,
Еске алдым Жаратқан Ийени,
Мениң дуўам Саған,
Жетип барды мухаддес Ибадатханаңа.
9Жарамсыз бутларға табыныўшылар,
Опасызлық еткен болар.
10Бирақ алғыс-мақтаў айтып мен,
Саған қурбанлық шаламан.
Өзимниң берген ўәдемди орынлайман,
Қутқарылыў келеди Жаратқан Ийеден!»
11Жаратқан Ийе балыққа буйрық берди ҳәм ол Юнусты қурғақлыққа қусып шығарып жиберди.
Copyright information for
KaaIBT22C