‏ Jonah 3

Юнустың Ниневияға барыўы

1Жаратқан Ийеден Юнусқа екинши мәрте мынадай сөз түсти: 2Қәнекей, уллы Ниневия қаласына бар да, саған айтатуғынларымды халыққа жәрияла.

3Юнус Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Ниневияға кетти. Ниневия сондай үлкен қала болып, оны басып өтиў ушын үш күнлик жол жүриў керек еди. 4Солай етип, Юнус қалаға кирип, бир күнлик жолды басып өткеннен соң: «Қырық күннен кейин Ниневия қыйратылады», – деп жар салды. 5Сонда Ниневия халқы Қудайға исенди ҳәм олар ораза тутыўды жәриялап, уллысынан кишисине дейин аза кийимин кийди.

6Бул хабар Ниневия патшасына жетип барғанда, ол тахтынан түсип, үстиндеги патшалық кийимлерин шешти ҳәм аза кийимин кийип, күлге отырды
Күлге отырды – бул терең қайғыны ямаса тәўбеге келиўди билдиретуғын ис-ҳәрекет.
.
7Соңынан ол Ниневияда өзиниң ҳәм ақсүйеклериниң атынан мына буйрықты жәриялатты: «Ҳеш бир адам да, ҳайўан да, ири мал да, майда мал да ҳеш нәрсе жемесин, жайлаўға бармасын ҳәм суў ишпесин. 8Адамлар да, ҳайўанлар да аза кийиминде болсын. Ҳәр бир адам Қудайға бар күши менен жалбарынып, өзлериниң жаман жолларынан ҳәм жаўызлық ислеўден ўаз кешсин. 9Ким биледи, мүмкин, сонда Қудай пикирин өзгертер, лаўлаған ғәзебинен қайтар ҳәм бизлер набыт болмаспыз».

10Сонда Қудай ниневиялылардың қылған ислерин ҳәм олардың жаман жолдан қайтқанын көрди. Сонлықтан оларға жаны ашып, жиберемен деген апатты жибермеди.
Copyright information for KaaIBT22C