‏ Jonah 4

Юнустың Қудайдың реҳимине ашыўланыўы

1Сонда Юнус буған қатты ренжип, ашыўланды. 2Ол Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти:

– О, Жаратқан Ийе! Усындай болатуғынын өз елимде болған ўақтымда-ақ айтпаған ба едим? Сонлықтан да мен Таршишке қашқан едим. Себеби Сениң мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги уллы ҳәм жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай екениңди билетуғын едим.
3Енди өтинемен, Жаратқан Ийе, мениң жанымды ал. Себеби тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ.

4Жаратқан Ийе оған:

– Сениң ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди.

5Юнус қаладан шығып, оның шығыс тәрепиндеги бир жерге барып отырды. Ол өзине шертек соғып алып, оның саясында отырды ҳәм қалаға не болатуғынын көриў ушын күте баслады. 6Сонда Қудай Ийе Юнустың басына саясын түсирип, қайғысын жеңиллетсин деп, бир өсимлик өсирип шығарды. Юнус бул өсимликке қатты қуўанды. 7Бирақ келеси күни таң атқанда, Қудай бир қуртты жиберди ҳәм ол өсимликти кемирип, қуўратып таслады. 8Қуяш шыққанда, Қудай шығыстың қапырық самалын естирди. Қуяш Юнустың басын қатты қыздырғанлықтан, ол ҳәлсизлене баслады ҳәм өзине өлим тилеп: «Тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ», – деди.

9Бирақ Қудай оған:

– Өсимлик ушын ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди.

Юнус:

– Әлбетте, ҳәттеки, өлгенше ашыўланыўға ҳақым бар, – деди.

10Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди:

– Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр.
11Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?
Copyright information for KaaIBT22C