‏ Joshua 11

Арқа тәрептеги патшалардың жеңилиске ушыраўы

1Болып өткен ўақыялар ҳаққында Хасор патшасы Ябин еситкенде, Мадон патшасы Иобабқа, Шимрон ҳәм Ахшаф патшаларына, 2арқадағы таўлы үлкелердеги, Киннерет көлиниң қубласындағы тегисликлердеги, батыстағы таў етеклериндеги ҳәм батыстағы Дор төбешиклериндеги патшаларға, 3шығыс ҳәм батыс үлкелердеги қананлыларға, таўлы үлкедеги амор, хет, периз ҳәм ебус халықларына, Хермон таўының етегиндеги Миспа үлкесинде жасайтуғын хиўлерге хабар жиберди. 4Бул патшалар пүткил ләшкерлери, яғный теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әскерлери, жүдә көп ат ҳәм урыс арбалары менен жолға шықты. 5Усы барлық патшалар израиллыларға қарсы урысыў ушын бирлесип, Мером суўлары жағасына келди де, ҳәммеси бирге орда қурды.

6Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:

– Олардан қорқпа. Ертең усындай ўақытта олардың ҳәммесин өлимге тапсырып, Израилға тәслим етемен. Сен олардың атларының тирсеклерин кесип, саўаш арбаларын отқа жандырып жибер.

7Солай етип, Ешуа пүткил әскерлери менен бирге Мером суўлары жағасындағы патшаларға тосаттан ҳүжим жасады. 8Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти. Израиллылар оларды жеңилиске ушыратты ҳәм қашқанларды уллы Сидонға, Мисрефот-Майымға ҳәм шығыстағы Миспе ойпатлығына шекем қуўып барып, оларды өлтирди. Олар ҳеш кимди аман қалдырмады. 9Ешуа Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай иследи: олардың атларының тирсеклерин кести ҳәм саўаш арбаларын отқа жандырып жиберди.

10Буннан соң, Ешуа изге қайтты ҳәм Хасор қаласын қолға киргизип, оның патшасын қылыштан өткерди. Себеби Хасор бурын усы барлық патшалықлардың басы еди. 11Израиллылар қаладағы барлық адамларды қылыштан өткизип, оларды қырып таслады. Олар бирде бир тири жан қалдырмады. Кейин Ешуа Хасор қаласын жағып жиберди. 12Солай етип, Ешуа бул қалаларды ҳәм олардың патшаларын қолға түсирди ҳәм Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның буйырғанындай, ҳәммесин қылыштан өткизип, қырып таслады. 13Израиллылар Ешуаның жағып жиберген қаласы Хасордан басқа, төбешиклерде қурылған қалалардың ҳеш бирине от бермеди. 14Олар бул қалалардағы ҳәмме нәрсени ҳәм малларды олжа қылды, ал адамларының ҳәммесин қылыштан өткизди. Олар бирде бир тири жан қалдырмады. 15Жаратқан Ийениң қулы Муўса Жаратқан Ийеден алған буйрықларын Ешуаға тапсырған еди. Ешуа оларды тыңлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанларының ҳәммесин толық орынлады.

Ешуа қолға киргизген жерлер

16Солай етип, Ешуа усы пүткил елди: таўлы жерлерди, пүткил Негеб ҳәм Гошен жерлерин, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин ҳәм Израил таўлары менен олардың етеклерин, 17Сеирге жақын Халақ таўынан баслап, Хермон таўының жанындағы Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадқа дейинги жерлерди басып алды. Ал олардың патшаларын қолға алып, өлтирди. 18Ешуа бул патшалар менен узақ ўақыт урысып келген еди. 19Гибонда жасайтуғын хиўлерден басқа ҳеш бир қала халқы израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзген жоқ. Израиллылар басқа қалалардың ҳәммесин урыс пенен алды. 20Өйткени Израилға қарсы урысыў ушын олардың жүреклерин қатал қылған Жаратқан Ийениң Өзи еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, израиллылар оларды аяўсыз өлтирип, толық қырып таслады.

21Сол ўақытта Ешуа барып, таўлы Хебронда, Дебирде ҳәм Анабта, Яҳуда ҳәм Израилдың барлық таўлы үлкелеринде жасайтуғын анақ халқын қалалары менен қоса пүткиллей қырып таслады. 22Израиллылардың елинде анақлардан бирде бир адам аман қалмады. Тек Газа, Гат ҳәм Ашдодта аман қалғанлар болды. 23Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, Ешуа пүткил елди қолға киргизди ҳәм оны Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.
Copyright information for KaaIBT22C