Joshua 12
Муўса тәрепинен жеңилиске ушыраған патшалар
1Израиллылар Иордан дәрьясының шығысын, Иордан тегислигиниң пүткил шығыс тәрепи менен Арнон дәрьясынан Хермон таўына шекем болған жерлерди қолға киргизип, мына патшаларды жеңилиске ушыратқан еди: 2олардың бири Хешбонда жасаған аморлардың патшасы Сихон болып, оның патшалығы Арнон дәрьясының жағасындағы Ароер қаласын ҳәм сол дәрьяның ортасынан басланатуғын аммон халқының шегарасы болған Яббоқ дәрьясына дейинги жерлерди, яғный Гиладтың ярымын өз ишине алатуғын еди. 3Иордан тегислигиниң шығыс тәрепи де оған тийисли еди. Бул жер Киннерет көлинен Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге дейин созылған жерлерди, және де, Бейт-Ешимотқа ҳәм қубладағы Писга таўының жанбаўырларына дейинги жерлерди өз ишине алатуғын еди. 4Екиншиси Башан патшасы Ог болып, ол ең соңғы рефалардың бири еди ҳәм Аштарот пенен Эдрейде ҳүкимдарлық етти. 5Ол Хермон таўына, Салкаға, гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған пүткил Башанға ҳәм Хешбон патшасы Сихонның шегарасына дейин созылған Гиладтың ярымына ҳүкимдарлық ететуғын еди. 6Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм израиллылар усы патшаларды жеңилиске ушыратты. Сонда Жаратқан Ийениң қулы Муўса олардың жерлерин Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына мүлик қылып берди.Ешуа тәрепинен жеңилиске ушыраған патшалар
7Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадтан Сеирге жақын Халақ таўына шекемги Иордан дәрьясының батысындағы жерлерде жасаған патшаларды Ешуа ҳәм израиллылар жеңилиске ушыратты. Олардың жерлерин Ешуа Израил урыўларына мүлик қылып бөлип берди. 8Яғный, Ешуа таўлы жерлерди, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин, таў жанбаўырларындағы жерлерди, шөлди ҳәм Негебти Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Бул жерлерде хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықлары жасайтуғын еди. Израил жеңилиске ушыратқан патшалар мыналар еди: 9Ерихо патшасы, Бейт-Элге жақын жердеги Ай қаласының патшасы, 10Ерусалим патшасы, Хеброн патшасы, 11Ярмут патшасы, Лахиш патшасы, 12Эглон патшасы, Гезер патшасы, 13Дебир патшасы, Гедер патшасы, 14Хорма патшасы, Арад патшасы, 15Либна патшасы, Адуллам патшасы, 16Маккеда патшасы, Бейт-Эл патшасы, 17Таппуах патшасы, Хефер патшасы, 18Афек патшасы, Лашшарон патшасы, 19Мадон патшасы, Хасор патшасы, 20Шимрон-Мерон патшасы, Ахшаф патшасы, 21Таанах патшасы, Мегиддо патшасы, 22Кедеш патшасы, Кармелдеги Иоқнеам патшасы, 23Төбешикли Дор елиниң патшасы, Галиладағы Гойым патшасы, 24ҳәм Тирса патшасы. Барлығы болып отыз бир патша.
Copyright information for
KaaIBT22C