‏ Joshua 13

Басып алынатуғын жерлер

1Ешуа қартайып, бираз жасқа барып қалған ўақтында, Жаратқан Ийе оған былай деди:

– Сен қартайып, бираз жасқа барып қалдың. Бирақ басып алынатуғын жерлер еле жүдә көп.

2Сол қалған жерлер мыналар: пүткил филист ҳәм гешур халықлары жасайтуғын аймақлар, 3яғный қананлыларға тийисли болып есапланған Мысырдың шығыс тәрепиндеги Шихор дәрьясынан арқадағы Экрон шегараларына шекем созылған жерлер – булар филист халқының бес ҳүкимдарына тийисли Газа, Ашдод, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ҳәм қублада аў халқының жерлери. 4Және де, сидонлыларға тийисли Ара деген жерден баслап, Афекке, яғный Амор шегарасына шекемги пүткил Қанан жерлери. 5Тағы гебаллылардың жерлери ҳәм Хермон таўы етегиндеги Баал-Гадтан Лебо-Хаматқа шекем созылған шығыс тәрептеги пүткил Лебанон жерлери. 6Лебаноннан Мисрефот-Майымға шекем созылған таўлы жерде жасайтуғынларды, яғный барлық сидонлыларды израиллылардың алдынан қуўып шығараман. Саған буйырғанымдай, бул жерлерди израиллыларға үлестиресең.

7Енди бул жерлерди тоғыз урыўға ҳәм Менашше урыўының ярымына мүлик етип бөлистирип бер.

Иордан дәрьясының шығысындағы жерлер

8Менашше урыўының басқа ярымы менен Рубен ҳәм Гад урыўлары Иордан дәрьясының шығысындағы жерлерди үлес етип алды. Оларға бул жерлерди Жаратқан Ийениң қулы Муўса берген еди.

9Сол жерлер Арнон дәрьясының жағасындағы Ароерден ҳәм ойпатлықтың ортасындағы қаладан басланып, Дибонға дейин созылған пүткил Медеба тегислигин өз ишине алады. 10Және де, оның ишине Хешбонда ҳүкимдарлық еткен аморлардың патшасы Сихонның аммон халқының шегарасына дейин созылған пүткил қалалары, 11Гилад үлкеси ҳәм гешурлылар менен маахалылардың жерлери, пүткил Хермон таўы ҳәм Салкаға дейинги пүткил Башан жерлери киреди. 12Және де, ең соңғы рефалардың бири болған, Аштарот ҳәм Эдрейде ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огтың қалған жерлериниң барлығы да киреди. Муўса рефа халқын жеңилиске ушыратып, оларды қуўып жиберген еди. 13Израиллылар гешурлылар менен маахалыларды қуўып жибермеди. Олар бүгин де израиллылардың арасында жасап келмекте.

14Муўса тек Лебий урыўына ғана жерден үлес бермеди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген қурбанлықлардың бир бөлеги лебийлилердиң үлеси болады.

Рубен урыўына берилген жерлер

15Тийре санына қарай, Муўсаның Рубен урыўына берген жерлери мыналар: 16Арнон дәрьясының жағасындағы Ароерден ҳәм ойпатлықтың ортасындағы қаладан басланып, пүткил Медеба тегислиги, 17Хешбон ҳәм тегисликтеги оған тийисли мына қалалардың ҳәммеси: Дибон, Бамот-Баал, Бейт-Баал-Меон, 18Яҳаса, Кедемот, Мефаат, 19Кирятайым ҳәм Сибма, ойпатлықтағы төбешикте қурылған Серет-Шахар, 20Бейт-Пеор, Писга таўының жанбаўырлары, Бейт-Ешимот, 21тегисликтеги барлық қалалар ҳәм Хешбонда ҳүкимдарлық еткен амор патшасы Сихонның пүткил ели. Муўса Сихонды ҳәм оған тийисли жерлерде жасайтуғын Мидян көсемлери болған Эўий, Рекем, Сур, Хур ҳәм Ребаны жеңилиске ушыратқан еди. 22Израиллылар өлтирилгенлерге қосып, Беор улы палкер Биламды да қылыштан өткизди. 23Рубен урыўының жери Иордан дәрьясына шегаралас еди. Тийре санына қарай, оларға мүлик етип берилген аўыл ҳәм қалалар усылар еди.

Гад урыўына берилген жерлер

24Тийре санына қарай, Муўса Гад урыўына мына жерлерди берди: 25Язер жери, пүткил Гилад қалалары, Рабба жақынындағы Ароерге дейин созылған аммонларға тийисли болған жерлердиң ярымы, 26Хешбоннан Рамат-Миспе ҳәм Бетонимге, Маханайымнан Ло-Дебарға дейинги жерлер, 27Иордан ойпатлығындағы Бейт-Ҳарам, Бейт-Нимра, Суккот, Сафон, Хешбон патшасы Сихонның жерлеринен аўысқан бөлеги, Киннерет көлиниң қубла тәрепине дейин созылған Иордан дәрьясының шығыс тәрепи. 28Тийре санына қарай, Гад урыўына мүлик етип берилген қала ҳәм аўыллар усылар еди.

Менашше урыўының ярымына берилген шығыстағы жерлер

29Тийре санына қарай, Муўса Менашше урыўының ярымына мына жерлерди берди: 30олар Маханайымнан басланып, Башан патшасы Огтың ели болған пүткил Башанды ҳәм Башанда Яирге тийисли болған алпыс қаланың ҳәммесин өз ишине алды. 31Және де, Гиладтың ярымын, Башан патшасы Огтың пайтахт қалалары болған Аштарот ҳәм Эдрейди өз ишине алды. Бул жерлер Менашшениң улы Махирдиң урпақларының ярымына тийре санына қарай берилген еди.

32Муўсаның Ерихоның шығысында, Иордан дәрьясының арғы жағасындағы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде бөлип берген жерлери усылар еди. 33Бирақ Лебий урыўына жерден үлес берилмеди. Жаратқан Ийениң айтқанындай, олардың үлеси Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өзи болады.
Copyright information for KaaIBT22C