Joshua 14
Иорданның батысындағы жерлердиң бөлистирилиўи
1Израиллылардың Қананда мүлик етип алған жерлерине келсек, бул жерлер руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшылары тәрепинен израиллыларға бөлип берилди. 2Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, үлеслер тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына шек таслаў жолы менен бөлистирилди. 3Себеби Муўса қалған еки урыў менен бир урыўдың ярымының үлеслерин Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде берген еди. Бирақ олар менен бирге лебийлилерге мүликтен үлес берилмеген еди. 4Юсуптиң улларынан Менашше ҳәм Эфрайым деген еки урыў келип шықты. Сонлықтан лебийлилерге жерден үлес берилмей, тек жасаў ушын қалалар ҳәм мал-мүликлери ушын сол қалалар әтирапындағы жайлаўлар ғана берилди. 5Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғаны бойынша ис тутып, жерлерди бөлисип алды.Хебронның Калебке берилиўи
6Бир күни Яҳуда урыўынан болған адамлар Гилгалда болып атырған Ешуаға келди. Сонда Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб Ешуаға былай деди: – Жаратқан Ийениң Қадеш-Барнияда Қудайдың адамы болған Муўсаға сен ҳәм мен туўралы нелерди айтқанынан өзиңниң хабарың бар. 7Жаратқан Ийениң қулы Муўса елди көзден өткизип келиў ушын мени Қадеш-Барниядан жибергенинде, мен қырық жаста едим. Мен көргенлеримди ҳақ кеўлим менен жеткизип келдим. 8Деген менен, мениң менен бирге барған туўысқанларым халықтың жүрегине қорқыныш салды. Бирақ мен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсындым. 9Сонлықтан Муўса сол күни: «Сен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсынғаның ушын, аяғың тийген жерлер саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге мүлик етип бериледи», – деп ант ишкен еди. 10Сол ўақытта израиллылар шөлде жүрген еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға бул сөзлерди айтқанына қырық бес жыл болды. Минекей, Жаратқан Ийе Өз сөзиниң үстинен шығып, маған өмир берди. Ҳәзир мен сексен бес жастаман. 11Муўса мени жиберген күнде қандай күшли болған болсам, бүгин де сондайман. Сол ўақыттағыдай, урысқа шығыўға еле де күшим жетеди. 12Енди Жаратқан Ийениң сол күни айтқанындай, бул таўлы елди маған бер. Ол жерде анақ халқының жасайтуғынын, олардың үлкен ҳәм беккем етип қорғалған қалаларының барлығын сол күни өзиң де еситкен едиң. Мүмкин, Жаратқан Ийе маған жәрдем етер ҳәм мен Оның айтқанындай, оларды сол жерден қуўып шығарарман. 13Сонда Ешуа Ефунне улы Калебке ақ пәтиясын берди ҳәм Хебронды оған мүлик қылып берди. 14Солай етип, Хеброн Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калебтиң мүлки болды ҳәм бүгинги күнге дейин бул жер оған тийисли. Өйткени ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге толық бойсынған еди. 15Хебронның ески аты Кирят-Арба болып, Арба анақлардың ең уллы адамы еди. Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.
Copyright information for
KaaIBT22C