‏ Joshua 15

Яҳуда урыўына берилген жерлер

1Тийре санына қарай, Яҳуда урыўының шегине түскен жерлер қублада болып, Эдом шегарасына, ең қублада Зин шөлине дейин созылатуғын еди. 2Олардың қубла шегарасы Өли теңиздиң қубла тәрепиндеги қолтықтан басланып, 3Ақраббим бийиклигиниң қубласына, ол жерден Зинге, Қадеш-Барнияның қубласынан Хесронға, Хесроннан Аддарға өтип, ол жерден Қарқаға бурылатуғын еди. 4Соңынан Асмоннан өтетуғын еди ҳәм Мысыр шегарасындағы сайды бойлап, Жер Орта теңизине тақалатуғын еди. Бул Яҳуда урыўының қубла шегарасы еди. 5Шығыс шегарасы Өли теңиз бойлап Иордан дәрьясының қуяр қолтығына қарай созылған еди. Ал арқа шегарасы Иордан дәрьясының Өли теңизге қуятуғын қолтығынан басланатуғын еди. 6Ол кейин Бейт-Хоглаға қарай созылып, Бейт-Арабаның арқа тәрепинен өтетуғын еди ҳәм Рубенниң улы Боҳанның тасы турған жерге дейин баратуғын еди. 7Соңынан шегара Ахор ойпатлығынан Дебирге дейин барып, ойпатлықтың қубласындағы Адуммим бийиклиги қарсысындағы Гилгалға бурылатуғын, бул жерден Эн-Шемеш суўларына дейин созылып, Рогел булағына барып тақалатуғын еди. 8Кейин Ебус қаласының, яғный Ерусалимниң қубла тәрепи бойлап Бен-Ҳинном ойпатлығынан өтетуғын еди. Бул жерден Рефаим ойпатлығының арқа тәрепинде болған Ҳинном ойпатлығының батысындағы таўдың төбесине көтерилип, 9ол жерден Нефтоах суў булағына бурылып, Эфрон таўындағы қалаларға созылатуғын ҳәм Баалаға, яғный Кирят-Яримге қарай бурылатуғын еди. 10Ал Бааладан батысқа, Сеир таўына қарай Ярим таўы бойлап, яғный Кесалон таўының арқа тәрепи бойлап созылып, Бейт-Шемешке қарай баратуғын ҳәм Тимна арқалы өтетуғын еди. 11Соңынан Экронның арқа тәрепиндеги жанбаўырға созылып, Шиккаронға қарай бурылатуғын, Баала таўына жеткеннен кейин, Ябнеелге баратуғын ҳәм Жер Орта теңизине барып тақалатуғын еди.

12Ал батыс шегарасы Жер Орта теңизиниң жағалары еди. Яҳуда урыўының тийрелери усы шегаралар менен қоршалған еди.

Калебтиң Хеброн ҳәм Дебир қалаларын басып алыўы

13Ешуа Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, Яҳуда бөлегиндеги Кирят-Арбаны, яғный Хеброн қаласын Ефунне улы Калебке үлес етип берди. Арба – анақ халқының түп бабасы еди. 14Калеб анақлардың Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерин ол жерден қуўып жиберди. 15Ол сол жерден ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына қарсы жүрис қылды. 16Сонда Калеб:

– Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.

17Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди. 18Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп:

– Әкемнен бир атыз сора, – деди.

Калеб ешектен түсип атырған қызынан:

– Қандай тилегиң бар? – деп сорады.

19Қыз әкесине:

– Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.

Яҳуда урыўына тийисли қалалар

20Тийре санына қарай, Яҳуда урыўы мына жерлерди үлес қылып алды:

21Яҳуда урыўының ең қублада, Эдом жериниң шегарасындағы қалалары төмендегилер еди: Қабсеел, Эдер, Ягур, 22Кина, Димона ҳәм Адада, 23Кедеш, Хасор, Итнан, 24Зиф, Телем, Беалот, 25Хасор-Хадатта, Керийот-Хесрон, яғный Хасор, 26Амам, Шема, Молада, 27Хасар-Гадда, Хешмон, Бейт-Пелет, 28Хасар-Шуал, Беер-Шеба, Бизиотия, 29Баала, Иййим, Эсем, 30Элтолад, Кесил, Хорма, 31Сиклаг, Мадманна, Сансанна, 32Лебаот, Шилхим, Айын ҳәм Риммон. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте жигирма тоғыз қала.

33Батыстағы таў етеклеринде: Эштаол, Сора, Ашна, 34Заноах, Эн-Ганним, Таппуах, Энам, 35Ярмут, Адуллам, Сохо, Азеқа, 36Шаарайым, Адитайым, Гедера ямаса Гедеротайым. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он төрт қала.

37Сенан, Хадаша, Мигдал-Гад, 38Дилан, Миспе, Иоқтеел, 39Лахиш, Босқат, Эглон, 40Каббон, Лахмас, Китлиш, 41Гедерот, Бейт-Дагон, Наама ҳәм Маккеда. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он алты қала. 42Либна, Этер, Ашан, 43Ифтах, Ашна, Несиб, 44Кеила, Ахзиб ҳәм Мареша. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте тоғыз қала.

45Қалалары ҳәм аўыллары менен бирликте Экрон, 46Экроннан Жер Орта теңизине шекемги Ашдодтың дөгерегиндеги барлық аўыллар.

47Ашдод пенен оның қалалары ҳәм аўыллары. Мысыр шегарасындағы сайға ҳәм Жер Орта теңизине дейин созылған Газа менен оның қалалары ҳәм аўыллары.

48Таўлы үлкеде Шамир, Яттир ҳәм Сохо, 49Данна, Кирят-Санна, яғный Дебир. 50Анаб, Эштемоа ҳәм Аним, 51Гошен, Холон ҳәм Гило. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он бир қала.

52Араб, Дума ҳәм Эшан, 53Янум, Бейт-Таппуах ҳәм Афека. 54Хумта, Кирят-Арба, яғный Хеброн ҳәм Сиор. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте тоғыз қала.

55Маон, Кармел, Зиф ҳәм Ютта. 56Изреел, Иоқдеам ҳәм Заноах. 57Каин, Гиба ҳәм Тимна. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он қала.

58Халхул, Бейт-Сур ҳәм Гедор. 59Маарат, Бейт-Анот ҳәм Элтеқон. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте алты қала.

60Кирят-Баал, яғный Кирят-Ярим ҳәм Рабба. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте еки қала.

61Шөлде Бейт-Араба, Миддин ҳәм Сехаха. 62Нибшан, Дуз қаласы ҳәм Эн-Гедий. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте алты қала.

63Яҳуда урыўы Ерусалимде жасаған ебуслыларды қуўып шығара алмады. Ебуслылар бүгин де Яҳуда урыўы менен бирге Ерусалимде жасамақта.
Copyright information for KaaIBT22C