Joshua 16
Эфрайым урыўына берилген жерлер
1Юсуп урпағының шегине түскен жерлердиң шегаралары Ерихо жанындағы Иордан дәрьясынан, Ерихо булақларының шығыс тәрепинен басланып, шөл арқалы Ериходан Бейт-Элдиң таўлы үлкесине қарай созылады. 2Кейин Бейт-Элден Лузға өтип, Арк тийресиниң жери болған Атаротқа қарай созылады. 3Шегара сол жерден батыстағы Яфлет урпағының жерлерине, төменде Бейт-Хорон үлкесине, ол жерден Гезерге түседи ҳәм Жер Орта теңизине келип таўысылады. 4Солай етип, Юсуптиң уллары Менашше ҳәм Эфрайым усы жерлерди үлес етип алды. 5Тийре санына қарай, Эфрайым урыўының үлесине тийген жерлердиң шегарасы шығыста Атрот-Аддардан жоқарыдағы Бейт-Хоронға қарай созылып, 6Жер Орта теңизине барады. Арқадағы Михметаттан шығысқа, Таанат-Шилоға қарай бурылып, қала бойлап, Яноахтың шығысына қарай созылады. 7Бул жерден Атарот ҳәм Наараға түседи, Ерихоға жетип, Иордан дәрьясына барып таўысылады. 8Таппуахтан батысқа қарай Қана сайына дейин созылып, Жер Орта теңизинде таўысылады. Тийре санына қарай, Эфрайым урыўының үлеси усы еди. 9Буннан тысқары, Менашше урыўына тийген үлес жердиң ишинде Эфрайым урыўына тийисли қалалар ҳәм олардың әтирапларындағы аўыллар бар еди. 10Деген менен, Эфрайым урыўы Гезерде жасаған қананлыларды қуўып шығармады. Қананлылар бүгинги күнге дейин Эфрайым урыўының арасында жасайды ҳәм олар ушын ерксиз хызметшиге айланған.
Copyright information for
KaaIBT22C