‏ Joshua 17

Менашше урыўына берилген жерлер

1Юсуптиң туңғыш улы Менашшениң урпақларына, Менашше урыўына берилген үлес жерлер мыналар еди: Гиладтың әкеси Махир Менашшениң туңғыш улы еди. Махир жаўынгер адам болғанлықтан, Гилад ҳәм Башан жери оныки болды. 2Менашшениң басқа уллары Абиезер, Хелек, Асриел, Шехем, Хефер ҳәм Шемиданың улларына да тийре санына қарай үлес берилди. Булар тийре көсемлери болып, Юсуптиң улы Менашшениң ер балалары еди.

3Менашшениң қуўлығы, Махирдиң шаўлығы, Гиладтың ақлығы, Хефердиң улы болған Селофехадтың ул баласы болмады. Оның тек Махла, Ноа, Хогла, Милка ҳәм Тирса деген қызлары болды. 4Сол қызлар руўханий Элазарға, Нун улы Ешуаға ҳәм басшыларға келип, оларға:

– Ер туўысқанларымыз қатары бизлерге де үлес берилиўин Жаратқан Ийе Муўсаға буйырған еди, – деди. Сонда Ешуа Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша оларға да ер туўысқанлары қатары жерден үлес берди.
5Солай етип, Менашше урыўына Иордан дәрьясының шығысындағы Гилад ҳәм Башан жеринен басқа, және он жер үлес етип берилди. 6Өйткени Менашшениң қыз урпақлары да ер урпақлары қатары жерден үлес алған еди. Ал Гилад жери болса, Менашшениң басқа улларына берилди.

7Менашше урыўының жери Ашерден Шехемниң шығысындағы Михметатқа созылатуғын еди ҳәм шегарасы ол жерден қублаға бурылып, Эн-Таппуах халқының жерлерине дейин баратуғын еди. 8Таппуах қаласының әтирапындағы жерлер Менашше урыўына, ал оның шегарасындағы Таппуах қаласының өзи Эфрайым урыўына тийисли еди. 9Соңынан шегара Қана сайына түсип, сайдың қубласындағы Менашше урыўына тийисли қалалар арасындағы Эфрайым урыўына тийисли қалаларға дейин баратуғын еди. Менашше урыўының жер шегарасы сайдың арқа тәрепи бойынша созылып, Жер Орта теңизине барып тоқтайтуғын еди. 10Қубладағы жерлер Эфрайым урыўыники, ал арқадағы жерлер Менашше урыўыники болып, батыста Жер Орта теңизи, арқада Ашер, шығыста Иссахар урыўының жерлери менен шегараласатуғын еди.

11Иссахар ҳәм Ашер урыўларына тийисли жерлердеги Бейт-Шеан ҳәм оның аўыллары, Иблеам ҳәм оның аўыллары, Дор, яғный Нафат-Дор халқы ҳәм оның аўыллары, Эн-Дор халқы ҳәм оның аўыллары, Таанах халқы ҳәм оның аўыллары, Мегиддо халқы ҳәм оның аўыллары Менашше урыўына тийисли еди. 12Деген менен, Менашшениң урпақлары бул қалаларды қолға киргизе алмады. Себеби қананлылар сол жерлерде қалыўға қарар еткен еди. 13Израиллылар күшке толғанда, қананлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды толық қуўып шығармады.

Эфрайым ҳәм Менашше урыўларының үлкенирек жер сораўы

14Бир күни Юсуптиң урпақлары Ешуаға келип:

– Не ушын бизлерге тек бир мәрте шек таслап, бир үлес жер бердиң? Жаратқан Ийе бизлерди жарылқағанлықтан, бизлер жүдә көппиз, – деди.

15Ешуа оларға:

– Сизлер соншелли көп болсаңыз ҳәм сизлерге Эфрайымның таўлы үлкеси тарлық етип атырған болса, перизлер ҳәм рефалардың жерлериндеги тоғайларды шаўып, өзлериңизге жер ашып алыңлар, – деп жуўап берди.

16Юсуптиң урпақлары Ешуаға:

– Аўа, таўлы жерлер бизлерге жетпейди. Бирақ Бейт-Шеан менен оның аўылларында ҳәм Изреел ойпатлығында жасайтуғынлардың, яғный сол жерде жасайтуғын барлық қананлылардың темир арбалары бар-ғо, – деди.

17Ешуа Юсуптиң уллары Эфрайым менен Менашшениң урпақларына былай деди:

– Сизлер көп санлы ҳәм күшлисиз. Сизлер тек бир үлес пенен қалмайсызлар.
18Таўлы жерлер ҳәм ондағы тоғайлықлар да сизлердики болады. Сизлер тереклерди шаўып, тазаласаңлар, ол жерлер толығы менен сизлердики болады. Қананлылар күшли болса да, олардың темир арбалары болса да, сизлер оларды қуўып шығарасызлар.
Copyright information for KaaIBT22C