‏ Joshua 18

Қалған жерлердиң бөлистирилиўи

1Елди қолға киргизгеннен соң, пүткил Израил жәмийети Шилода бир жерге топланды. Олар сол жерде Ушырасыў шатырын қурды. 2Деген менен, олардың арасында жерден елеге дейин өз үлесин алмаған жети урыў бар еди.

3Сонда Ешуа израиллыларға былай деди:

– Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге берген жерлерин қолға киргизиўди қашанға шекем кешиктиресизлер?
4Ҳәр урыўдан үш адамнан сайлап алыңлар. Мен оларды елди көзден өткизип келиў ушын жибережақпан. Олар үлес етип алатуғын жерлериниң шегараларын белгилейди ҳәм оларды сүўретлеп жазып, маған қайтып келеди. 5Олар бул жерлерди жети бөлекке бөлсин. Яҳуда урыўы қубла бөлектеги, Юсуптиң урпақлары арқа бөлектеги өз жерлеринде қалсын. 6Жерди жети бөлекке бөлип, сүўретлеп жазғаныңыздан кейин, маған алып келиңлер. Мен бул жерде, Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында сизлер ушын шек таслайман. 7Лебийлилерге келсек, олардың сизлердиң араңызда үлеси жоқ. Олардың үлеси – Жаратқан Ийе ушын руўханийлик хызметин атқарыўдан ибарат. Ал Гад ҳәм Рубен урыўы менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде өзлериниң үлес жерлерин алған еди. Сол жерлерди оларға Жаратқан Ийениң қулы Муўса берген еди.

8Ешуа жерди сүўретлеп жазып келиў ушын жолға шықпақшы болған адамларға:

– Барып, жерлерди айланып шығып, сүўретлеп жазың да, соңынан жаныма қайтып келиңлер. Кейин мен бул жерде, Шилода, Жаратқан Ийениң алдында сизлер ушын шек таслайман, – деп буйырды.

9Солай етип, адамлар жолға атланып, елди айланып шықты. Олар елди қалама-қала жети бөлекке бөлген ҳалда китапқа сүўретлеп жазды да, Шилоға, ордада болған Ешуаға қайтып келди. 10Ешуа Шилода, Жаратқан Ийениң алдында олар ушын шек таслап, жерлерди Израил урыўлары арасында бөлистирди.

Бенямин урыўына берилген жерлер

11Тийре санына қарай, Бенямин урыўы ушын шек тасланды. Олардың шегине түскен жерлер Яҳуда урыўы менен Юсуптиң урпақларының жерлери арасында еди. 12Олардың жериниң шегарасы арқада Иордан дәрьясынан басланып, Ерихоның арқа тәрепине көтерилетуғын, батыста таўлы үлкеге қарай созылып, Бейт-Аўенниң әтирапындағы елсиз далада тоқтайтуғын еди. 13Шегара ол жерден Луздың жанбаўырына, яғный Бейт-Элдиң қубла тәрепине өтип, Бейт-Хоронның қубласындағы таўдың қасындағы төменги Атрот-Аддарға түседи. 14Ол жерден шегара бурылып, Бейт-Хоронның қарсысында болған таўдың батыс тәрепи менен қублаға қарай созылады ҳәм Яҳуда урыўына тийисли болған Кирят-Баал, яғный Кирят-Ярим қаласында тоқтайды. Бул батыс шегарасы еди.

15Ал қубла шегарасы Кирят-Яримниң шетинен басланып, Нефтоах суў булағына дейин созылатуғын еди. 16Шегара бул жерден Рефаим ойпатлығының арқа тәрепиндеги Бен-Ҳинном ойпатлығына қараған таўдың етеклерине барып, Ҳинном ойпатлығы арқалы өтетуғын ҳәм Ебустың
Ебус – Ерусалимниң ески аты.
қубла тәрепине, ол жерден Рогел булағына түсетуғын еди.
17Арқаға бурылған шегара Эн-Шемеш ҳәм Адуммим бийиклигиниң қарсысындағы Гелилотқа барып, Рубенниң улы Боҳанның тасына түсетуғын еди. 18Соңынан Иордан тегислигиниң жанындағы қырдың арқа тәрепинен өтип, тегисликке түсетуғын еди. 19Ол жерден Бейт-Хогланың арқа етеклерине өтип, Өли теңиздиң арқа қолтығында, Иордан дәрьясының қубла қуяр қолтығында тоқтайтуғын еди. Бул қубла шегарасы еди. 20Шығыс шегарасы Иордан дәрьясы еди. Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлесине тийген жерлердиң шегаралары усылар еди.

21Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлесине тийген қалалар мыналар еди: Ерихо, Бейт-Хогла, Эмек-Кесис, 22Бейт-Араба, Семарайым, Бейт-Эл, 23Аўўим, Пара, Офра, 24Кефар-Аммоний, Офний, Геба. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он еки қала. 25Гибон, Рама, Беерот, 26Миспе, Кефира, Моса, 27Рекем, Ирпеел, Тарала, 28Села, Элеф, Ебус, яғный Ерусалим, Гибат ҳәм Кирят. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он төрт қала. Тийре санына қарай, Бенямин урыўының үлеси усы еди.
Copyright information for KaaIBT22C