Joshua 19
Шимон урыўына берилген жерлер
1Екинши шек Шимонға, тийре санына қарай, Шимон урыўына түсти. Олардың үлеси Яҳуда урыўының үлесине тийген жерлердиң ишинде еди. 2Оларға мына қалалар берилди: Беер-Шеба яғный Шеба, Молада, 3Хасар-Шуал, Бала, Эсем, 4Элтолад, Бетул, Хорма, 5Сиклаг, Бейт-Маркабот, Хасар-Суса, 6Бейт-Лебаот, Шарухен. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он үш қала. 7Айын, Риммон, Этер ҳәм Ашан. Булар аўыллары менен бирликте төрт қала. 8Баалат-Беер, яғный Негебтеги Рамаға қарай созылған бул қалалардың әтирапындағы барлық аўыллар да Шимон урыўына тийисли еди. Тийре санына қарай, Шимон урыўына тийген үлес усы еди. 9Шимон урыўына берилген үлес Яҳуда урыўының үлесинен алынған еди. Өйткени Яҳуда урыўының үлеси керегинен артық еди. Солай етип, Шимон урыўының үлеси Яҳуда урыўына тийисли жердиң ишинде еди.Зебулон урыўына берилген жерлер
10Тийре санына қарай, үшинши шек Зебулон урыўына түсти. Олардың жерлери Саридке шекем созылатуғын еди. 11Шегара сол жерден батысқа қарай, Маралаға дейин барып, Даббешетке жететуғын ҳәм Иоқнеам қарсысындағы сайға дейин созылатуғын еди. 12Соңынан Саридтан күншығысқа, Кислот-Табордың шегарасына барып, ол жерден Дабератқа тақалатуғын ҳәм Яфиаға шығатуғын еди. 13Шығыс шегарасы Яфиадан Гат-Хефер ҳәм Эт-Қасинге өтип, Риммонға дейин созылатуғын, кейин Неаға бурылатуғын еди. 14Ал арқа шегарасы бул жерден Ханнатонға бурылып, Ифтах-Эл ойпатлығына келип тоқтайтуғын еди. 15Бул шегара Қаттат, Наҳалал, Шимрон, Идала ҳәм Бейтлеҳемди өз ишине алады. Ҳәммеси болып, олар аўыллары менен бирликте он еки қала еди. 16Тийре санына қарай, Зебулон урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.Иссахар урыўына берилген жерлер
17Төртинши шек Иссахарға, тийре санына қарай, Иссахар урыўына түсти. 18Олардың жер шегарасының ишине кирген қалалар: Изреел, Кесуллот, Шунем, 19Хафарайым, Шион, Анахарат, 20Раббит, Кишйон, Эбес, 21Ремет, Эн-Ганним, Эн-Хадда ҳәм Бейт-Пассес. 22Олардың шегарасы Табор, Шахасима ҳәм Бейт-Шемеш арқалы созылып, Иордан дәрьясына келип тоқтайтуғын еди. Ҳәммеси болып, олар аўыллары менен бирликте он алты қала еди. 23Тийре санына қарай, Иссахар урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.Ашер урыўына берилген жерлер
24Тийре санына қарай, бесинши шек Ашер урыўына түсти. 25Олардың жер шегарасының ишине кирген қалалар: Хелқат, Халий, Бетен, Ахшаф, 26Алламмелех, Амад ҳәм Мишал болып, батыста Кармел ҳәм Шихор-Либнатқа дейин созылатуғын еди. 27Бул жерден шығысқа, Бейт-Дагонға қайтып, Зебулон шегарасы ҳәм Ифтах-Эл ойпатлығы бойынша созылатуғын, ал арқада Бейт-Эмек ҳәм Неиелге жалғасатуғын еди. Кейин Кабулдың арқа тәрепинен 28Эброн, Рехоб, Хаммон ҳәм Қанаға өтип, уллы Сидонға жететуғын еди. 29Усы жерден Рамаға қайтып, қорғанлы Тир қаласына қарай созылатуғын, кейин Хосаға бурылып, Ахзиб аймағында, Жер Орта теңизинде тамамланатуғын еди. 30Және де, Умма, Афек ҳәм Рехоб. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте жигирма еки қала. 31Тийре санына қарай, Ашер урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.Нафталий урыўына берилген жерлер
32Алтыншы шек Нафталийге, тийре санына қарай, Нафталий урыўына түсти. 33Олардың шегарасы Хелеф ҳәм Саананнимдеги теребинф ағашынан басланып, Адамий-Некеб ҳәм Ябнеел арқалы Лаққумға қарай созылатуғын ҳәм Иордан дәрьясында тамамланатуғын еди. 34Шегара және Хелефтен басланып, батысқа қарай Азнот-Табордан өтетуғын ҳәм Хуқоққа жалғасатуғын еди. Қублада Зебулон жерлерине, батыста Ашер жерлерине, ал шығыста Иордан дәрьясына барып тирелетуғын еди. 35Олардың қорғанлы қалалары мыналар еди: Сиддим, Сер, Хаммат, Раққат, Киннерет, 36Адама, Рама, Хасор, 37Кедеш, Эдрей, Эн-Хасор, 38Ирон, Мигдал-Эл, Хорем, Бейт-Анат, Бейт-Шемеш. Ҳәммеси болып, аўыллары менен бирликте он тоғыз қала. 39Тийре санына қарай, Нафталий урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.Дан урыўына берилген жерлер
40Тийре санына қарай, жетинши шек Дан урыўына түсти. 41Олардың үлесине тийген жерлер мына қалаларды өз ишине алады: Сора, Эштаол, Ир-Шемеш, 42Шаалаббин, Айялон, Итла, 43Элон, Тимна, Экрон, 44Элтеке, Гиббетон, Баалат, 45Еҳуд, Бене-Берақ, Гат-Риммон, 46Ме-Ярқон ҳәм Яфоның қарсысындағы жерлер менен бирликте Раққон. 47Жерлеринен айырылып қалғанлықтан, Дан урыўы Лешемге ҳүжим жасады. Олар қаланы алып, пүткил халқын қылыштан өткизди де, сол жерге орналасып алды. Және де, бабасы Данның ҳүрметине сол жерди Дан деп атады. 48Тийре санына қарай, Дан урыўына усы қалалар аўыллары менен бирликте үлес етип берилди.Ешуаға тийген үлес
49Жерлерди шегаралап бөлистирип болғаннан соң, израиллылар өз жерлери ишинен Нун улы Ешуаға үлес берди. 50Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, олар Ешуаға өзи сораған қаланы, Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Тимнат-Серахты берди. Ешуа қаланы қайтадан салып, сол жерге орналасты. 51Руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларындағы тийре басшыларының Шилода, Жаратқан Ийениң алдында, Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында шек таслап бөлистирген үлес жерлери усылар еди. Солай етип, олар елди бөлистириў исин тамамлады.
Copyright information for
KaaIBT22C