‏ Joshua 2

Рахаб ҳәм жансызлар

1Нун улы Ешуа Шиттимнен жасырын түрде еки жансызды жиберип атырып, оларға:

– Барып, Қанан жерин, әсиресе Ерихоны көзден өткизиңлер, – деди. Солай етип, жансызлар жолға шығып, Рахаб деген бузық ҳаялдың үйине келди ҳәм сол жерде қонып қалды.

2Сонда Ерихо патшасына: «Елимизди көзден өткизиў ушын, усы түни Израил халқынан адамлар келди», – деген хабар жетти. 3Сонлықтан Ерихо патшасы Рахабқа: «Сениң үйиңе келген сол адамларды шығарып бер. Себеби олар елимизди көзден өткизиў ушын келген», – деген хабар жоллады. 4Ал еки адамды жасырып қойған Рахаб:

– Сол адамлардың маған келгени ырас. Бирақ мен олардың қай жерли екенин билмеген едим.
5Геўгим түспестен бурын, қала дәрўазасы жабылайын деп атырғанда, олар шығып кетти. Олардың қай жаққа кеткенин билмеймен. Излеринен дәрҳал кетсеңиз, жетип аласызлар, – деди. 6Негизинде ҳаял сол адамларды тамның төбесине шығарып, ол жерге жайып қойылған зығыр баўларының астына жасырған еди. 7Ал патшаның адамлары болса, жансызларды Иордан дәрьясын кесип өтетуғын жерге қарай қуўып кетти. Олар қаладан шығыўдан-ақ, қала дәрўазасы жабылды.

8Тамның төбесиндеги адамлар уйқыға жатпасынан алдын, ҳаял олардың жанына барды да, 9оларға былай деди:

– Жаратқан Ийениң бул елди сизлерге бергенин билемен. Бизлерди сизлер себепли қорқыныш бийледи. Елде жасайтуғын ҳәр бир адамның руўхы түсип жүр.
10Өйткени сизлер Мысырдан шыққаныңызда, Жаратқан Ийениң Қызыл теңизди алдыңызда қалай қурғатып таслағанын , Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасы Сихон менен Огқа сизлер нелер ислегениңизди, оларды қалайынша пүткиллей қырып таслағаныңызды еситкен едик. 11Буларды еситкенимизде, руўхымыз түсип кетти. Сизлерден қорққанымыздан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады. Себеби сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе – жоқарыдағы аспанда да, төмендеги жер жүзинде де Қудай. 12 13Сизлерге жақсылық еткеним сыяқлы, сизлер де мениң үй-ишиме жақсылық ететуғыныңызға Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиңлер. Ата-анамды, аға-инилеримди, апа-сиңлилеримди ҳәм олардың үй-ишлерин өлимнен сақлап, ҳәммемизди аман қалдыратуғыныңызды билдиретуғын исенимли бир белги бериңлер.

14Адамлар оған:

– Егер бул исимизди әшкара қылмасаңыз, бизлер сизлер ушын жанымызды бериўге таярмыз. Жаратқан Ийе бул жерди бизлерге бергенинде, саған жақсылық ислеп, садықлық көрсетемиз, – деди.

15Үйи қала дийўалында жайласқанлықтан, Рахаб адамларды арқан менен әйнектен төменге түсирди де, 16оларға:

– Изиңизден қуўып кеткен адамлар сизлерге дус келип қалмаўы ушын, таўға шығыңлар. Олар излерине қайтып кеткенге дейин, үш күн сол жерде жасырынып турыңлар. Соңынан жолыңызды даўам етерсизлер, – деди.
17Сол адамлар Рахабқа былай деди:

– Бизлер иштирген антыңда турыўымыз ушын мына нәрсени ислеўиң шәрт:
18Усы елге киргенимизде, мына қырмызы арқанды бизлерди түсирип жиберген әйнегиңе байлап қой. Соңынан ата-анаңды, туўысқанларыңды ҳәм әкеңниң пүткил хожалығын жаныңа, өз үйиңе жыйна. 19Сениң үйиңниң қапысынан сыртқа шыққан адам өз басы ушын өзи жуўап береди. Бундай адам ушын бизлер жуўапкер емеспиз. Бирақ егер сениң менен бирге үйиңде болған бир адам жәбир көрсе, оның өлимине бизлер жуўапкер боламыз. 20Деген менен, ислеримизди әшкара қылсаң, онда бизлер сен иштирген анттан азат боламыз.

21Ҳаял оларға:

– Айтқаныңыздай болсын, – деди ҳәм оларды жолға шығарып салғаннан соң, қырмызы арқанды әйнекке байлап қойды.

22Адамлар ол жерден кетип, таўға шықты ҳәм излеринен қуўғанлар қайтып кеткенше, сол жерде үш күн қалды. Олардың изинен қуўғанлар барлық жерден оларды излесе де, таба алмады. 23Еки адам изине қайтыў ушын таўдан түсти де, дәрьяны кесип өтип, Нун улы Ешуаның жанына барды ҳәм басларынан өткен ҳәмме нәрсени айтып берди. 24Олар Ешуаға:

– Жаратқан Ийе ҳақыйқаттан да усы жердиң барлығын бизлердиң қолымызға тапсырыпты. Ол жерде жасайтуғын ҳәр бир адам бизлерден қорқып, руўхы түсип жүр екен, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C