‏ Joshua 21

Лебийлилерге берилген қалалар

1Лебий урыўының тийре басшылары руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшыларына барды. 2Олар Қанан жериндеги Шилода еди. Сонда лебийлилер оларға:

– Жаратқан Ийе Муўса арқалы бизлерге жасаў ушын қалалар, малларымыз ушын қала әтирапындағы жайлаўлар берилиўин буйырған еди, – деди.

3Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, лебийлилерге өз үлеслеринен мына қалаларды ҳәм олардың әтирапындағы жайлаў жерлерди берди:

4Биринши шек Қоҳат тийрелерине түсти. Лебийли болған руўханий Харонның урпақларына шек бойынша Яҳуда, Шимон ҳәм Бенямин урыўларынан он үш қала берилди. 5Ал Қоҳаттың басқа урпақларына шек бойынша Эфрайым, Дан ҳәм Менашше урыўының ярымына тийисли болған тийрелерден алынған он қала берилди.

6Гершон урпақларына шек бойынша Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларына тийисли болған тийрелерден ҳәм Башандағы Менашше урыўының ярымынан алынған он үш қала берилди.

7Тийре санына қарай, Мерарий урпақларына Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала берилди.

8Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, израиллылар шек таслап, усы қалаларды жайлаўлары менен бирликте лебийлилерге берди.

9Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан алынған ҳәм төменде атлары аталатуғын қалалар 10лебийли Қоҳат тийрелеринен болған Харонның урпақларына берилди. Себеби биринши шек оларға түскен еди. 11Оларға Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Анақтың урпақларының түп бабасы болған Арбаның аты менен аталған Кирят-Арба, яғный Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди. 12Ал қаланың атызлары менен аўыллары болса, Ефунне улы Калебке мүлик етип берилген еди.

13Руўханий Харонның урпақларына абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Хеброн қаласын, Либнаны, 14Яттир, Эштемоа, 15Холон, Дебир, 16Айын, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары менен олардың жайлаўлары, яғный Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан барлығы болып тоғыз қала берилди. 17Ал Бенямин урыўынан Гибон, Геба, 18Анатот ҳәм Алмон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.

19Солай етип, Харон урпағынан шыққан руўханийлерге жайлаўлары менен бирликте берилген қалалардың саны барлығы болып он үшке жетти.

20Лебий урыўының Қоҳат тийрелериниң қалған адамларына Эфрайым урыўынан мына қалалар үлес етип берилди: 21Эфрайымның таўлы үлкесиндеги абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Шехем қаласы ҳәм Гезер, 22Кибсайым, Бейт-Хорон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 23Ал Дан урыўынан Элтеке, Гиббетон, 24Айялон ҳәм Гат-Риммон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 25Менашше урыўының ярымынан жайлаўлары менен бирликте Таанах ҳәм Гат-Риммон деген еки қала берилди. 26Солай етип, Қоҳаттың қалған урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он қала берилди.

27Лебий урыўынан болған Гершонның урпақларына Менашше урыўының ярымына тийисли болған еки қала: Башандағы абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Голан қаласы ҳәм Беештера қаласы жайлаўлары менен бирликте берилди. 28Иссахар урыўынан болса, жайлаўлары менен бирликте Кишйон, Даберат, 29Ярмут ҳәм Эн-Ганним деген төрт қала берилди. 30Ашер урыўынан жайлаўлары менен бирликте Мишал, Абдон, 31Хелқат ҳәм Рехоб деген төрт қала берилди. 32Нафталий урыўынан үш қала жайлаўлары менен бирликте берилди: олар Хаммот-Дор, Қартан ҳәм абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Галиладағы Кедеш қаласы. 33Тийре санына қарай, Гершонның урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он үш қала берилди.

34Қалған лебийлилерге, яғный Мерарийдиң урпақларының тийрелерине Зебулон урыўынан алынған Иоқнеам, Қарта, 35Димна ҳәм Наҳалал деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 36Рубен урыўынан алынған Бесер, Яҳаса, 37Кедемот ҳәм Мефаат деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 38Гад урыўынан Гиладтағы паналайтуғын Рамот қаласы ҳәм Маханайым, 39Хешбон ҳәм Язер қалалары барлығы болып төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди. 40Тийре санына қарай, лебийлилердиң қалған тийрелерине, яғный Мерарийдиң урпақларына үлес етип берилген қалалардың саны барлығы болып он еки еди.

41Израиллылардың жерлеринен лебийлилерге жайлаўлары менен бирликте барлығы болып қырық сегиз қала берилди. 42Бул қалалардың ҳәммесиниң әтирапында жайлаўлары бар еди. Жайлаўсыз қала жоқ еди.

Израиллылардың жерди толық ийелеп алыўы

43Солай етип, Жаратқан Ийе ата-бабаларына бериўге ант ишкен барлық жерлерди израиллыларға берди. Израиллылар сол жерлерди ийелеп, мәкан басты. 44Жаратқан Ийе ата-бабаларына ант ишкениндей, оларды ҳәр тәреплеме тынышлыққа еристирди. Ҳеш бир душпаны оларға қарсы тура алмады. Жаратқан Ийе душпанларының ҳәммесин оларға тәслим етти. 45Жаратқан Ийениң Израил халқына берген ҳеш бир ийгиликли сөзи орынланбай қалмады, ҳәммеси иске асты.
Copyright information for KaaIBT22C