‏ Joshua 22

Шығыстағы урыўлардың қайтыўы

1Буннан соң, Ешуа Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымын жыйнады да, 2оларға былай деди:

– Сизлер Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның өзлериңизге буйырған ҳәр бир нәрсесин иследиңлер. Мениң ҳәмме буйрықларыма да бойсындыңлар.
3Соншама ўақыт даўамында, бүгинге дейин туўысқанларыңызды жалғыз таслап кетпедиңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрығын орынладыңлар. 4Минекей, Қудайыңыз Жаратқан Ийе туўысқанларыңызға ўәде қылғанындай, оларды тынышлыққа еристирди. Енди Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Иордан дәрьясының арғы жағасында сизлерге мүлик қылып берген жерлердеги үйлериңизге қайтыңлар. 5Бирақ Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның сизлерге берген буйрықларын ҳәм Нызамын муқыятлы түрде орынлаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер, Оның жолы менен жүрип, буйрықларын орынлаңлар. Оған садық болыңлар, Оған шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен хызмет етиңлер.

6Соңынан Ешуа оларға ақ пәтиясын берип, жолға атландырды. Солай етип, олар үйлерине қайтып кетти.

7Муўса Менашше урыўының ярымына Башанда жер берген еди. Ешуа болса, Менашше урыўының қалған ярымына Иордан дәрьясының батысынан, басқа туўысқанлары арасынан жер берди.

Ешуа оларды үйлерине қайтарып атырып, оларға ақ пәтиясын берип:

8– Үйлериңизге үлкен байлық пенен, жүдә көп мал, гүмис, алтын, мыс, темир ҳәм жүдә көп кийим-кеншек пенен қайтып баратырсызлар. Душпанларыңыздан олжа қылып алған нәрселериңизди туўысқанларыңыз бенен бөлисиңлер, – деди.

9Солай етип, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Қанан жериндеги Шилодан, израиллылардың жанынан кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, Муўса арқалы өзлери мүлик етип алған Гилад жерине қайтыў ушын жолға шықты.

10Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Иордан дәрьясына жақын орналасқан Қанан жериндеги аймаққа келгенде, дәрьяның жағасында көриниси үлкен болған қурбанлық орын қурды. 11Израил халқына: «Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Қанан елиниң шегарасында, Иордан дәрьясының жағасында, израиллыларға тийисли жерде бир қурбанлық орын қурды», – деген хабар жетти. 12Израил халқы бул хабарды еситкенде, оларға қарсы урысыў ушын пүткил жәмийет Шилоға жыйналды.

13Сонда израиллылар руўханий Элазардың улы Пинехасты Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына жиберди. 14Оның менен бирге Израил урыўларынан он көсем кетти. Бул көсемлердиң ҳәр бири Израил тийрелериниң ишиндеги өз қәўимлерине басшы еди. 15Олар Гилад жерине, Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына келип былай деди:

16– Жаратқан Ийениң пүткил жәмийети былай дейди: «Сизлер неге Израилдың Қудайына қыянет еттиңлер? Неге бүгин сизлер өзлериңиз ушын қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийеден ўаз кештиңлер ҳәм Оған қарсы бас көтердиңлер? 17Бизлерге Пеор таўындағы гүнамыз аз ба еди? Жаратқан Ийениң жәмийети сол гүна себепли бәлеге жолыққан еди. Бизлер усы күнге дейин өзлеримизди бул гүнадан тазалай алмадық. 18Сизлер бүгин Жаратқан Ийеден ўаз кештиңиз! Егер сизлер бүгин Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтерсеңиз, Ол да ертең пүткил Израил жәмийетине ғәзепленеди. 19Егер сизлерге тийисли жерлер ҳадал болмаса, Жаратқан Ийениң шатыры турған Оған тийисли жерге келип, арамыздағы жерден үлес алыңлар. Өзлериңизге Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнынан басқа бир қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийеге ҳәм бизлерге қарсы қозғалаң көтермеңлер. 20Зерах улы Ахан бағышланған олжадан алып, қыянет еткенде, пүткил Израил жәмийети ғәзепке ушырамады ма? Аханның гүнасы ушын тек оның өзи ғана өлимге дуўшар болмады-ғо!»

21Сонда Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Израилдың тийре басшыларына былай деп жуўап берди:

22– Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Жаратқан Ийе – қудайлар Қудайы! Ол булардың барлығын биледи ҳәм Израил да билип қойсын: егер бизлер ислеген исимизди Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериў ямаса Оған қыянет ислеў мақсетинде ислеген болсақ, онда бүгин Жаратқан Ийе бизлерди аямасын! 23Егер бизлер қурбанлық орынды Жаратқан Ийеден ўаз кешиў ушын, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ямаса татыўлық қурбанлықларын бериў ушын қурған болсақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерди жазаласын. 24Бизлер бул исти мынадан тәшиўишленгенимиз себепли ислеген едик: келешекте сизлердиң урпақларыңыз бизлердиң урпақларымызға: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен сизлердиң қандай байланысыңыз бар? 25Ҳәй, Рубен ҳәм Гад урпақлары! Жаратқан Ийе сизлер менен бизлердиң арамызға Иордан дәрьясын шегара қылып қойған. Сизлердиң Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп бизлердиң урпақларымыздың Жаратқан Ийеден қорқып жасаўына тосқынлық жасаўы мүмкин. 26Сонлықтан бизлер өзлеримиз ушын қурбанлық орын қурыўды шештик. Буны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар ушын емес, 27ал тек сизлер менен бизлердиң арамызда ҳәм келешек әўладлар арасында гүўалық болыўы ушын иследик. Солай етип, бизлер де Жаратқан Ийениң алдында жандырылатуғын қурбанлықларымыз, татыўлық қурбанлықларымыз ҳәм басқа қурбанлықларымыз бенен Оған сыйынажақпыз. Сонда сизлердиң урпақларыңыз келешекте бизлердиң урпақларымызға: «Жаратқан Ийеге ҳеш қандай қатнасыңыз жоқ», – деп айта алмайды. 28Солай етип, бизлер былай ойладық: келешекте бизлерге ямаса болажақ урпақларымызға усылай десе, бизлер: «Ата-бабаларымыздың Жаратқан Ийеге арнап қурған қурбанлық орынның нусқасына қараңлар. Бул орын жандырылатуғын ямаса басқа қурбанлықлар ушын емес, ал бизлер менен сизлердиң араңызда гүўалық болыў ушын қурылған», – деймиз. 29Бизлер Жаратқан Ийеге қарсы қозғалаң көтериўден, бүгин Оннан ўаз кешиўден, жандырылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ямаса басқа қурбанлықлар бериў ушын Қудайымыз Жаратқан Ийениң шатырының алдында турған қурбанлық орыннан басқа биреўин қурыўдан аўлақпыз.

30Руўханий Пинехас ҳәм оның менен бирге болған жәмийет басшылары, яғный Израилдың тийре басшылары Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымының айтқан сөзлерин еситкенде кеўиллери толды. 31Сонлықтан руўханий Элазардың улы Пинехас Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына:

– Енди Жаратқан Ийениң арамызда екенин билемиз. Себеби сизлер Оған қыянет етпедиңиз ҳәм израиллыларды Оның жазасынан қутқардыңыз, – деди.

32Руўханий Элазардың улы Пинехас ҳәм басшылар Рубен ҳәм Гад урыўлары жасайтуғын Гилад жеринен Қанан жерине, израиллыларға қайтып келип, не болғанын айтып берди. 33Израиллылар бул хабарға кеўли толып, Қудайға алғыслар айтты. Олар Рубен ҳәм Гад урыўларына қарсы урыс ашыў ҳәм олардың жасайтуғын жерлерин ўайран етиў ҳаққында қайтып аўыз ашпады. 34Рубен ҳәм Гад урыўлары: «Бул қурбанлық орын – бизлердиң арамызда Жаратқан Ийениң Қудай екенине гүўа» деп, орынды «Гүўа» деп атады.
Copyright information for KaaIBT22C