Joshua 23
Ешуаның хошласыў сөзлери
1Жаратқан Ийе Израилды әтирапындағы барлық душпанларынан қутқарып тынышлыққа еристиргеннен соң, көп жыллар өтти. Ешуа болса қартайып, бираз жасқа барып қалған еди. 2Сонда ол пүткил Израил халқын, олардың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақырып алып, оларға былай деди: – Мен қартайып, бираз жасқа барып қалдым. 3Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер ушын бул барлық халықларға нелер ислегенин көрдиңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер ушын урысты. 4Минекей, мен Иордан дәрьясынан баслап, күн батар тәрептеги Жер Орта теңизине дейин жасаған барлық халықларды жоқ етип, олардың жерлерин де, еле жоқ қылынбаған халықлардың жерлерин де сизлердиң урыўларыңызға бөлип бердим. 5Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды қуўып шығарып, алдыңыздан шегиндиреди ҳәм Өзи сизлерге ўәде еткениндей, сизлер олардың жерлерин ийелейсизлер. 6Сонлықтан сизлер Муўсаның Нызам китабында жазылған ҳәр бир нәрсени орынлаў ушын жүдә күшли болыңлар. Жазылғанлардан я оңға, я солға аўып кетпеңлер. 7Араңызда қалған халықлар менен ҳеш қандай қарым-қатнас жасамаңлар. Олардың қудайларының атларын тилге алмаңлар ҳәм олардың атлары менен ант ишпеңлер. Сол қудайларға хызмет етпеңлер ҳәм табынбаңлар. 8Бүгинги күнге дейин ислеп келгениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалыңлар. 9Себеби Жаратқан Ийе уллы ҳәм күшли халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарды. Бүгинги күнге дейин ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмады. 10Сизлердиң араңыздағы биреўиңиз мың адамды қуўып шығарады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң ўәде еткениндей, Оның Өзи сизлер ушын урысады. 11Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўде жүдә муқыятлы болыңлар. 12Ал егер сизлер Оннан жүз бурып, араңыздағы қалған сол халықлар менен аралассаңыз, олар менен қыз алысып, қыз берисетуғын болсаңыз, қарым-қатнас жасасаңыз, 13онда билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды енди алдыңыздан қуўып шығармайды. Оның сизлерге берген усы жақсы жеринен жоқ болынғаныңызша, бул халықлар сизлер ушын дузақ, қақпан, арқаңызға қамшы ҳәм көзлериңизге тикен болады. 14Минекей, мениң де бул дүньядан өтетуғын ўақтым келди. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген ўәделериниң ҳеш бири босқа шықпағанын шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен билесизлер. Олардың ҳәммеси орынланды, ҳеш бири орынланбай қалмады. 15Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәделериниң ҳәммесин қалай орынлаған болса, Ол Өзи берген усы жақсы жерден сизлерди жоқ етпегенше, айтқан барлық жаманлықларын да солай басыңызға салады. 16Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге орынлаң деп буйырған келисимин бузсаңыз ҳәм барып, басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, Жаратқан Ийениң сизлерге ғәзеби тутанады. Сонда сизлер Ол берген бул жақсы жерден тез арада қырылып кетесизлер.
Copyright information for
KaaIBT22C