Joshua 3
Израиллылардың Иордан дәрьясынан өтиўи
1Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Олар дәрьяны кесип өтпей, сол жерде түнеди. 2Үшинши күнниң соңында орданы бастан-аяқ айланып шыққан қадағалаўшылар 3халыққа былай деп буйырды: – Лебийли руўханийлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерип баратырғанын көргениңизде, сизлер де орныңыздан қозғалып, сандықтың изине ериңлер. 4Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратуғыныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер. Бирақ Келисим сандығына жақынласпаңлар. Сандық пенен сизлердиң араңызда еки мың шығанақ қашықлық болсын. 5Ешуа халыққа: – Өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе ертең араңызда әжайып ислер ислейди, – деди. 6Ал руўханийлерге: – Келисим сандығын көтерип, халықтың алдында жүриңлер, – деди. Солай етип, руўханийлер сандықты көтерип, халықтың алдында жүрип кетти. 7Сол арада Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Мен Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, сениң менен де бирге екенимди олар түсиниўи ушын, бүгиннен баслап сени пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қыламан. 8Сен Келисим сандығын көтерген руўханийлерге: «Иордан дәрьясының жағасына барғаныңызда, суўға аяқ басып, тоқтап турыңлар», – деп буйрық бер. 9Ешуа Израил халқына: – Жақынырақ келип, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңлаңлар, – деп болып, сөзин былай даўам етти: 10– Тири Қудайдың араңызда екенин, Оның қанан, хет, хиў, периз, гиргаш, амор ҳәм ебус халықларын алдыңыздан сөзсиз қуўып жиберетуғынын мынадан билип аласызлар: 11мине, пүткил жер жүзи Ийесиниң Келисим сандығы сизлерден алдын Иордан дәрьясынан өтеди. 12Енди өзлериңизге ҳәр бир урыўдан бир адамнан, яғный Израил урыўларынан он еки адамды сайлап алыңлар. 13Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басқанда, жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, бир жерге топланады. 14Халық Иордан дәрьясынан өтиў ушын түнеген жеринен жолға шықты. Келисим сандығын көтерген руўханийлер алдында жүрип баратыр еди. 15Иордан дәрьясы жыйын-терим ўақтында тасып, кәнарынан шығып кететуғын еди. Сонда сандықты көтерген руўханийлер дәрьяның жағасына барып, суўға аяқларын тийгизиўден-ақ, 16жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, жүдә узақларда, Саретанға жақын болған Адам қаласында топланып, жоқарылай баслады. Ал Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге аққан дәрьяның қалған суўлары болса, пүткиллей тоқтап қалды. Халық дәрьяны Ерихоның қарсы алдынан кесип өтти. 17Пүткил халық дәрьядан өтип болғанша, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер дәрьяның қурғап қалған ултанының ортасында қозғалмай турды. Солай етип, пүткил Израил халқы дәрьяның қурғап қалған ултаны арқалы өтти.
Copyright information for
KaaIBT22C