Joshua 4
Естелик таслардың орнатылыўы
1Пүткил халық Иордан дәрьясынан өтип болғаннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: 2– Халық ишинен он еки адамды, яғный ҳәр урыўдан бир адамнан сайлап алың да, 3оларға былай деп буйырыңлар: «Бул жерден, Иордан дәрьясының ортасынан, анық руўханийлердиң аяқлары турған жерден он еки тас алыңлар. Бул тасларды өзлериңиз бенен бирге алып, түнейтуғын жериңизге апарып қойыңлар». 4Солай етип, Ешуа Израилдың ҳәр бир урыўынан өзи сайлап алған он еки адамды шақырып алып, 5оларға былай деп буйырды: – Дәрьяның ортасына, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сандығының алды бетине барып, Израил халқының урыў санына қарай ҳәр бириңиз ийниңизге бир тастан көтерип алыңлар. 6Олар сизлер ушын белги болады. Балаларыңыз келешекте: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сорағанда, 7оларға: «Иордан дәрьясының суўлары Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында ақпай қалды. Келисим сандығы дәрьядан өтип атырғанда, ағып турған суўлар тоқтап қалды. Бул таслар Израил халқы ушын сол ўақыядан мәңгиге естелик болады», – дейсизлер. 8Израиллылар Ешуаның буйрығын орынлады. Жаратқан Ийениң Ешуаға айтқанындай, Израил урыўларының санына қарай Иордан дәрьясының ортасынан алынған он еки тасты олар өзлери түнеген жерге алып келип, сол жерге қойды. 9Ешуа Иордан дәрьясының ортасына, Келисим сандығын көтерген руўханийлер турған жерге басқа он еки тас орнатты. Бул таслар бүгин де сол жерде тур. 10Солай етип, Жаратқан Ийениң халыққа жеткизиў ушын Ешуаға буйырған ҳәр бир нәрсеси орынланыўға дейин, сандықты көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасында турды. Ҳәр бир нәрсе Муўсаның Ешуаға буйырғанындай етип исленди. Халық дәрьядан асығыслық пенен өтти. 11Пүткил халық дәрьядан өткеннен кейин, Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер де халықтың көз алдында дәрьядан өтти. 12Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Муўсаның өзлерине буйырғаны сыяқлы қурал асынып, Израил халқының алдында дәрьядан кесип өтти. 13Усы тәризде қырық мыңға шамалас қураллы адамлар урысыў ушын Жаратқан Ийениң алдында Ерихо тегислигине өтти. 14Жаратқан Ийе сол күни Ешуаны пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қылды. Муўсаға өмири бойы қандай ҳүрмет көрсетилген болса, Ешуаға да сондай ҳүрмет көрсетиле баслады. 15Жаратқан Ийе Ешуаға: 16– Келисим сандығын көтерген руўханийлерге Иордан дәрьясынан шығыўды буйыр, – деди. 17Ешуа руўханийлерге: – Иордан дәрьясынан шығыңлар, – деп буйырды. 18Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасынан шығып, жағаға аяқ басыўдан-ақ, дәрьяның суўлары бурынғыдай жийеклеринен тасып аға баслады. 19Халық биринши айдың оныншы күни Иордан дәрьясынан өтип, Гилгалға, Ерихоның шығыс шегарасына орналасты. 20Ешуа Иорданнан алынған он еки тасты Гилгалға орнатты. 21Соңынан ол Израил халқына былай деди: – Келешекте сизлердиң урпақларыңыз өз әкелеринен: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сораса, 22оларға Израил халқының Иордан дәрьясының қурғап қалған ултаны арқалы өткенин айтың. 23Қудайыңыз Жаратқан Ийе Қызыл теңизди бизлер өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслаған болса, Иордан дәрьясын да сизлер өтип боламан дегенше, солай қурғатып таслағанын түсиндириң. 24Ол буларды жер жүзиндеги барлық халықлар Жаратқан Ийениң қаншелли қүдиретли екенин билиўи ушын ҳәм сизлер де бәрқулла Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўыңыз ушын иследи.
Copyright information for
KaaIBT22C