Joshua 5
1Жаратқан Ийениң Иордан дәрьясының суўларын израиллылардың алдында, олар өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслағанын Иорданның батыс тәрепиндеги амор патшалары ҳәм Жер Орта теңизи жағасындағы қанан патшалары еситкенде, руўхлары түсти. Израиллылардан қорққанынан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады.Гилгалдағы сүннет етилиў
2Сол ўақытта Жаратқан Ийе Ешуаға: – Тастан пышақлар ислеп, израиллыларды бурынғыдай сүннет ет, – деди. 3Солай етип, Ешуа тастан пышақлар ислеп, израиллыларды Аралот ▼▼ Аралот – «сүннетлеў» дегенди билдиреди.
төбешигинде сүннет етти. 4Буны ислегениниң себеби мынаў еди: Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси, урысқа жарамлы болған барлық ер адамлар Мысырдан шыққаннан соң, шөлде жүргенде өлип кеткен еди. 5Мысырдан шыққан барлық ер адамлар сүннет етилген еди. Бирақ Мысырдан шыққаннан кейин шөлде жүрген ўақытта туўылған ер адамлардың ҳеш бири сүннет етилмеген еди. 6Мысырдан шыққанда урысқа жарамлы болғанлардың ҳәммеси өлип болғанша, израиллылар шөлде қырық жыл гезип жүрди. Себеби олар Жаратқан Ийениң сөзин тыңламаған еди. Жаратқан Ийе оларға: «Мен ата-бабаларыңызға ўәде етип, сизлерге беремен деген сүт ҳәм пал ағып турған жерди сизлер көрмейсизлер», – деп ант ишкен еди. 7Жаратқан Ийе олардың орнына балаларына өмир берди. Сүннет етилмеген бул балаларды Ешуа сүннет етти. Өйткени олар жолда сүннет етилмеген еди. 8Барлық ер адамлар сүннет етилгеннен соң, тәўир болғанша, ордадағы өз орынларында қалды. 9Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Мысырда сизлерде болған масқарашылықты бүгин алып тасладым, – деди. Сонлықтан сол жер бүгин де Гилгал ▼▼ Гилгал – «алып таслаў», «домалатып таслаў» дегенди билдиреди.
деп аталады. 10Гилгалда Ерихо тегислигине орда қурған Израил халқы айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын байрамлады. 11Бир күн даўам еткен байрамнан соң, олар елдиң зүрәәтинен ашытқысыз нан ҳәм қуўырмаш жеди. 12Олар сол елдиң зүрәәтинен жей баслады ҳәм ертеңине маннаның ▼ жаўыўы пүткиллей тоқтады. Израиллылар сол жылы Қанан елиниң зүрәәти менен азықланды. Ерихо қаласының қулаўы
13Ешуа Ерихо қаласына жақын жерде болғанда, басын көтерип қарап, алдында қылыш услап турған бир адамды көрди. Ешуа оған жақынласып: – Сен бизлер тәрептиң адамымысаң ямаса душпан тәрептиң бе? – деп сорады. 14Сол адам оған: – Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, мен келдим, – деди. Сол ўақытта Ешуа ет бетинен жерге жығылып, оған табынды да: – Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады. 15Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасы Ешуаға: – Аяқ кийимиңди шеш. Өйткени сен турған жер – мухаддес, – деди. Ешуа айтылғанды орынлады. 16Израиллылар себепли, Ерихо қаласының дәрўазалары тас қылып жабылған еди. Ол арқалы ҳеш ким кирмеди де, шықпады да.
Copyright information for
KaaIBT22C