‏ Joshua 7

Аханның гүнасы

1Деген менен, израиллылар бағышланған нәрселерге қыянет иследи. Яҳуда урыўынан болған Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан бағышланған нәрселердиң айырымларын алғанлықтан, Жаратқан Ийениң израиллыларға қәҳәри келди.

2Ешуа Ериходан Бейт-Элдиң шығысында, Бейт-Аўенге жақын жерде жайласқан Ай қаласына адамларды жиберип атырып, оларға:

– Барып, елди көзден өткизиңлер, – деди.

Адамлар барып, Ай қаласын көзден өткизди.
3Кейин олар Ешуаның қасына қайтып келип, оған:

– Пүткил халықтың ол жерге барып, әўере болыўының ҳәжети жоқ. Саны жағынан аз болған Ай қаласының халқын жеңиўге еки-үш мың адам жеткиликли, – деди.

4Солай етип, үш мыңға жақын израиллылар қалаға қарай жүрис қылды. Бирақ олар Ай халқынан қаша баслады. 5Ай халқы израиллыларды қала дәрўазасынан Шебаримге дейин қуўып, оларды төбешиктен түсерликте қырып баслады ҳәм олардың шама менен отыз алты адамын өлтирди. Буннан қорққанынан израиллылардың руўхлары түсип, жүреклери суўлады.

6Сонда Ешуа кийимлерин жыртып, Израилдың ақсақаллары менен бирликте басларына топырақ шашты ҳәм Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет бетинен жерге жығылып, кешке дейин сол аўҳалда жатты. 7Соңынан Ешуа былай деди:

– О, Қудай Ийе, Сен бизлерди аморларға тәслим етип, жоқ қылыў ушын Иордан дәрьясынан өткизген бе едиң? Қәнекей, дәрьяның арғы тәрепинде қалсақ еди!
8О, Ийемиз, Израил халқы душпанларынан қашқаннан соң, мен не айта аламан? 9Қананлылар ҳәм усы жерде жасайтуғын басқа халықлар буны еситкенде, әтирапымызды қоршап алып, атымызды жер жүзинен жоқ қылады. Сонда Сен Өзиңниң уллы атыңды сақлап қалыў ушын не ислейжақсаң?

10Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:

– Орныңнан тур! Неге булай ет бетиңнен жерге жығылып жатырсаң?
11Израиллылар гүна ислеп, Мениң оларға орынлаң деп буйырған келисимимди бузды. Олар бағышланған нәрселердиң бир бөлегин урлады ҳәм алдап, өз затларының арасына жасырды. 12Сол себепли, ендигиден былай израиллылар душпанларына қарсы тура алмайды, олар артқа қайтып, душпанларының алдына түсип қашады. Себеби олар жоқ қылыныў жазасына тартылған. Сизлер өзлериңиздеги бағышланған нәрселерди жоқ етпесеңиз, Мен буннан былай сизлер менен бирге болмайман. 13Бар, сен халықты пәкле ҳәм оларға былай де: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе: „Ҳәй, Израил, сизлердиң араңызда бағышланған нәрселер бар. Сол нәрселерди жоқ етпегениңизше, душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар“, – дейди. 14Таң атқанда, сизлер урыў-урыў болып дизилип, гезек пенен алдыға шығасызлар. Жаратқан Ийениң көрсеткен урыўы тийре-тийре болып алдыға шығады. Соң Жаратқан Ийе көрсеткен тийре хожалықлары менен бирме-бир алдыға шығады. Кейин Жаратқан Ийе көрсеткен хожалықтың ер адамлары алдыға шығады. 15Бағышланған нәрселерди алды деп көрсетилген адам өзине тийисли ҳәр бир нәрсе менен бирге жағып жибериледи. Себеби ол адам Жаратқан Ийениң келисимин бузып, Израилда жеркенишли гүна иследи».

16Таң азаннан турған Ешуа Израил халқын урыў бойынша алдыға шығарды. Сонда олардың ишинен Яҳуда урыўы көрсетилди. 17Яҳуда тийрелери алдыға шығарылғанда, Зерах тийреси көрсетилди. Зерах тийреси хожалықлары менен алдыға шығарылғанда, Забдий хожалығы көрсетилди. 18Забдий хожалығының ер адамлары алдыға шығарылғанда, Яҳуда урыўынан Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан көрсетилди.

19Сонда Ешуа Аханға:

– Улым! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ҳүрметин орнына қой ҳәм Оның уллылығын тән алып, ҳақыйқатын айт, не иследиң? Меннен жасырма, – деди.

20Ахан Ешуаға былай деди:

– Дурыс, мен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Мен мына исти қылған едим:
21олжалардың ишинде Шынардан әкелинген сулыў бир шапан, еки жүз шекел
Еки жүз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис, елиў шекел аўырлығында бир алтын қуйманы көргенимде ҳәўесим келип, оларды алдым. Гүмисти ең астына салып, олардың ҳәммесин шатырымның ишине, жерге жасырдым.

22Ешуа жиберген адамлар дәрҳал шатырға қарай жуўырып кетти. Олар сол жерге көмилген затларды тапты. Гүмис ең астына көмилген екен. 23Олар бул нәрселердиң ҳәммесин шатырдан алды да, Ешуаға ҳәм Израил халқына әкелип берип, Жаратқан Ийениң алдына қойды.

24Ешуа ҳәм пүткил Израил халқы Зерах улы Аханды, гүмисти, алтын қуйманы, шапанды, Аханның ул-қызларын, ири ҳәм майда малларын, ешеклерин, оның шатырын ҳәм шатырының ишиндеги барлық затларын Ахор ойпатлығына апарды.

25Ешуа Аханға:

– Сен неге бизлерди бул бәлеге жолықтырдың? Жаратқан Ийе бүгин өзиңди бәлеге жолықтырады, – деди.

Соңынан пүткил Израил халқы Ахан менен оның хожалығындағыларды тас боран қылып өлтирди ҳәм оларды отқа жағып жиберди.
26Кейин олар Аханның үстине үлкен тас үйиндисин үйди. Бул үйинди бүгин де бар. Солай етип, усы ўақыядан соң, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби басылды. Сол жердиң бүгинги күнге дейин Ахор
Ахор – «бәле» дегенди билдиреди.
ойпатлығы деп аталыўының мәниси усы.
Copyright information for KaaIBT22C