Joshua 8
Ай қаласының қыйралыўы
1Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Қорқпа ҳәм қәўетерленбе. Барлық әскерлерди жаныңа алып, Ай қаласына жүрис қыл. Мине, Ай патшасын, халқын, қаласын ҳәм оның жерин саған тәслим қылдым. 2Ерихо қаласына ҳәм оның патшасына не ислеген болсаң, Ай қаласына ҳәм оның патшасына да соны исле. Бирақ ондағы мал ҳәм затларды олжа етип алыңлар. Қаланың арт бетине бекинис жаса. 3Солай етип, Ешуа барлық әскерлер менен бирликте Ай қаласына жүрис қылыўға таярланды. Ол таңлаған отыз мың мәрт жаўынгерди түнде жолға атландырып атырып, 4оларға былай деп буйырды: – Енди сизлер барып, қаланың арт бетиндеги бекинисте жатыңлар. Қаладан онша алыслап кетпеңлер. Ҳәммеңиз таяр болып турыңлар. 5Мен жанымдағы адамлар менен бирге қалаға жақынласаман. Душпан қаладан шығып, әўелгидей бизлерге қарсы келгенде, бизлер олардан қашқандай болып, 6оларды қаладан узақластырғанша изимизден ертип барамыз. Олар бизлерди бурынғыдай қашып баратыр деп ойлайды. Бизлер олардан қашып баратырғанымызда, 7сизлер бекинисте жатырған жериңизден шығып, қаланы қолға киргизесизлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ол жерди сизлерге тәслим етежақ. 8Қаланы қолға киргизгениңизден соң, оған от бериңлер. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша ҳәрекет етиңлер. Минекей, мениң сизлерге буйрығым усы. 9Соңынан Ешуа оларды жолға атландырды. Адамлар кетип, Бейт-Эл менен Ай қаласының арасындағы, яғный Ай қаласының батыс тәрепиндеги бекинисте жатты. Ал Ешуа болса, түнди қалған адамлар менен бирге өткизди. 10Ешуа таң азаннан турды да, әскерлерди көзден өткерип, оларды сапқа турғызды. Кейин өзи ҳәм Израилдың ақсақаллары әскерлердиң алдына түсип, Ай қаласына қарай жолға шықты. 11Ешуа ҳәм оның жанындағы барлық әскерлер қалаға жүрис қылды. Олар жақынлап барып, қаланың арқа тәрепине орда қурды. Олар менен қаланың арасында бир ойпатлық бар еди. 12Ешуа бес мыңға шамалас адамға Бейт-Эл менен Ай қаласы арасына, қаланың батыс тәрепине бекинис қурғызды. 13Соңынан арқада орда қурғанлар да, батыста бекинисте жатырғанлар да урыс майданына түсиўге таяр турды. Ешуа сол түни ойпатлыққа келди. 14Буны көргенде Ай патшасы адамлары менен израиллыларға қарсы урысыў ушын қаладан асығыс түрде шықты. Ешуа жобаластырғандай олар Иордан тегислигиниң жанындағы бир жерге шықты. Деген менен, олар өзлерине қарсы қаланың артқы тәрепинде бекинис жасалғанынан хабарсыз еди. 15Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар қала халқынан жеңилип атырғандай болып, шөлге қарай қаша баслады. 16Қаладағы пүткил халық израиллылардың изинен қуўыўға шақырылды. Олар Ешуаны қуўа берип, қаладан узақласып кетти. 17Израиллыларды қуўыўға Ай қаласы менен Бейт-Элден бир адам қалмай шыққан еди. Олар израиллыларды қуўыўға шығып баратырып, қаланы қорғаўсыз, ашық қалдырған еди. 18Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Қолыңдағы семсерди Ай қаласына қарай соз. Мен сол жерди саған тәслим етип атырман, – деди. Ешуа қолындағы семсерди туўры қалаға қарай созды. 19Ол қолын созыўдан-ақ, бекинисте жатырғанлар орынларынан ушып турып, қалаға кирди. Олар қаланы қолға киргизип, оны дәрҳал жағып жиберди. 20Ай қаласының турғынлары артына қарағанда, жанып атырған қаланың түтини аспанға көтерилип атырғанын көрди. Шөлге қарай қашқан израиллылар артқа қайтып, оларға ҳүжим жасағанда, олар тығыларға тесик таба алмай қалды. 21Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар бекинисте жатырғанлардың қаланы қолға киргизгенин ҳәм қаладан түтин шығып атырғанын көргенде изге қайтып, Ай халқына қарсы ҳүжим жасады. 22Қаланы қолға киргизгенлер де ҳүжимге өткенде, қала халқы еки жақтан келген израиллылардың ортасында қалды. Израиллылар олардан аман қалғанлардың да, қашқанлардың да бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин өлтирди. 23Олар Ай патшасын тирилей тутқынға алып, Ешуаның алдына әкелди. 24Ай қаласынан шығып, қыр далада ҳәм шөлде өзлериниң изинен қуўғанлардың ҳәммесин израиллылар қылыштан өткизгеннен соң, қалаға қайтып келип, сол жерде қалған адамларды да қылыштан өткизди. 25Сол күни пүткил Ай қаласының халқы, ҳаял-еркеги ҳәммеси болып он еки мың адам өлтирилди. 26Қала турғынларының ҳәммесин толық қырып болғанша, Ешуа семсер услаған қолын төмен түсирмеди. 27Израиллылар Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығына қулақ асып, тек қаладағы маллар менен затларды ғана олжа етип алды. 28Соңынан Ешуа Ай қаласын жағып жиберип, оны мәңги қарабақанаға айландырды. Сол қала бүгин де солай турыпты. 29Ешуа Ай қаласының патшасын ағашқа илдирип қойып, оны кешке шекем сол жерде қалдырды ҳәм қуяш батарда оның өли денесин ағаштан түсиртип, қала дәрўазасының кирер аўзына таслатты. Ал оның өли денесиниң үстине тасларды таслап, бир үйинди иследи. Бул үйинди бүгин де бар.Мухаддес Нызамның халыққа оқылыўы
30Буннан соң, Ешуа Эбал таўында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды. 31Бул орын Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Израил халқына берген буйрығы бойынша, Муўсаның Нызам китабында жазылғанындай қылып қурылды. Яғный, темир тиймеген ҳәм жонылмаған таслардан қурылды. Ол жерде Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлары берилди. 32Муўсаның Израил халқы алдында жазған Нызамының көширмесин Ешуа сол жердеги тасларға жазды. 33Ал пүткил израиллылар болса, ақсақаллар, қадағалаўшылар, қазылар ҳәм келгинди адамлар менен бирге Жаратқан Ийениң Келисим сандығының еки тәрепинде сандықты көтерген лебийли руўханийлерге қарама-қарсы болып дизилди. Халықтың биринши ярымы Гериззим таўы тәрепинде, екинши ярымы Эбал таўы тәрепинде турған еди. Өйткени Жаратқан Ийениң қулы Муўса жарылқаў алыў ушын усы тәризде турыўды алдын буйырған еди. 34Кейин Ешуа Нызам китабында жазылғанындай етип, жарылқаў ҳәм ғарғыс сөзлердиң барлығын оқыды. 35Солай етип, Ешуа пүткил Израил жәмийетиниң, ҳаяллардың, балалардың ҳәм халықтың арасында болған келгинди адамлардың алдында Муўсаның буйрықларынан бирде бир сөз қалдырмай оқып берди.
Copyright information for
KaaIBT22C