‏ Joshua 9

Гибонлылардың ҳийлеси

1Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, таўлы үлкеде, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Лебанонға дейин созылған Жер Орта теңизи жағасында жасайтуғын барлық патшалар: хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус патшалары болып өткен ўақыяларды еситкенде, 2Ешуаға ҳәм Израил халқына қарсы урысыў ушын ҳәммеси бир жерге жыйналды.

3Ал хиў халқынан болған Гибон қаласының турғынлары болса, Ешуаның Ерихо ҳәм Ай қалаларына ислеген ислерин еситкенде, 4ҳийле қолланбақшы болды. Олар өзлерин елши қылып көрсетип, ешеклерине ески қалталар, гөне, жыртық ҳәм жамаў-жамаў шарап меслерин жүкледи. 5Аяқларына ески ҳәм жамалған аяқ кийимлер, үстилерине гөне-көкси кийимлер кийди. Олардың дорбаларындағы нанлар кеўип, қатып қалған еди. 6Солай етип, сол адамлар Гилгалдағы ордаға, Ешуаның жанына келди. Олар Ешуаға ҳәм Израил халқына:

– Бизлер бир узақ елден келдик. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлер едик, – деди.

7Бирақ израиллылар гибонлыларға:

– Сизлер менен неге келисим дүзиўимиз керек екен? Мүмкин, сизлер бизлерге жақын жерде жасайтуғын шығарсыз, – деди.
8Олар Ешуаға:

– Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.

Ешуа олардан:

– Сизлер кимсиз? Қаяқтан киятырсыз? – деп сорады.

9Олар Ешуаға былай деди:

– Қулларың болған бизлер бир узақ елден келдик. Себеби сениң Қудайың Жаратқан Ийениң даңқы туўралы еситкен едик. Бизлер Қудай ҳаққында ҳәмме нәрседен: Оның Мысырда ислеген ҳәр бир исинен,
10Иордан дәрьясының арғы жағындағы аморлардың еки патшасына, яғный Хешбон патшасы Сихонға ҳәм Аштаротта ҳүкимдарлық еткен Башан патшасы Огқа нелер ислегенинен де хабарымыз бар. 11Сонлықтан ақсақалларымыз ҳәм елимиздиң барлық халқы бизлерге былай деген еди: «Жаныңызға азық-аўқат алып, оларды қарсы алыў ушын шығыңлар ҳәм оларға: „Бизлер сизлердиң қулларыңызбыз. Бизлер менен келисим дүзиўиңизди қәлеймиз“, – деңлер». 12Бизлер сизлерге келиў ушын жолға шыққан күнимизде, азық ушын үйимизден алған бул нанларымыз ыссы еди. Енди қараңлар, олар кеўип, қатып қалған. 13Шарап толтырылған мына меслер де таза еди. Мине, олардың қалай жыртылып қалғанына қараңлар. Көп жол басып өткенимиз себепли, кийим-кеншегимиз ҳәм аяқ кийимимиз де тозып қалды.

14Израиллылар Жаратқан Ийе менен кеңеспестен, гибонлылардың азықларынан алып, татып көрди. 15Ешуа оларды аман қалдыратуғынына сөз берип, олар менен парахатшылық келисимин дүзди. Жәмийет басшылары да келисимге садық қалатуғынына ант ишти. 16Деген менен, келисим дүзилгенинен кейин үш күн өткенде, олар гибонлылардың жақын жерде, өзлериниң арасында жасайтуғынын билди. 17Өйткени израиллылар жолға шығып, үш күннен кейин олардың Гибон, Кефира, Беерот ҳәм Кирят-Ярим деген қалаларына келген еди. 18Бирақ израиллылар оларға шабыўыл жасамады. Себеби жәмийет басшылары Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен ант ишкен еди. Сонлықтан халық жәмийет басшыларына наразы болып, тоңқылдай баслады. 19Басшылар халыққа:

– Бизлер оларға Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе ҳақы ант иштик. Сонлықтан оларға қол тийгизе алмаймыз.
20Ант ишкенимиз себепли, оларды аман қалдырамыз, болмаса Қудайдың ғәзебине ушыраймыз, – деди. 21Соңынан халыққа усыныс етип:

– Оларды аман қалдырайық, – деди.

Солай етип, басшылар берген сөзинде турды ҳәм гибонлылар пүткил жәмийет ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын болды.

22Кейин Ешуа гибонлыларды шақырып алып, оларға былай деди:

– Жақын жерде жасай турып, неге жүдә узақ жерден келдик деп, бизлерди алдадыңыз?
23Сол себептен сизлер ғарғысқа ушырайсызлар. Енди мәңгиге қул болып қаласызлар. Сизлер Қудайымның Үйи ушын отын шаўып, суў тасыйсызлар.

24Гибонлылар Ешуаға былай деп жуўап берди:

– Мырзамыз, сениң Қудайың Жаратқан Ийе Өз қулы Муўсаға пүткил елди сизлерге беретуғынын ҳәм елде жасайтуғынлардың ҳәммесин жоқ қылыўды буйырғанын еситкен едик. Бизлер сизлерден қатты қорқтық ҳәм жанымыздан айырылыўдан қәўетерленип, усылай иследик.
25Енди бизлер сениң қолыңдамыз. Сен нени мақул ҳәм дурыс деп тапсаң, соны исле.

26Солай етип, Ешуа оларды израиллылардың қолынан қутқарды ҳәм оларды өлтиртпеди. 27Сол күни Ешуа оларды жәмийет ушын ҳәм Жаратқан Ийе белгилеген жерде қурылатуғын Оның қурбанлық орны ушын отын шаўып, суў тасыйтуғын хызметке қойды. Олар бүгин де сол жумысты атқарады.
Copyright information for KaaIBT22C