Joshua 20
Паналайтуғын қалалар
1Буннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: 2– Муўса арқалы сизлерге буйырғанымдай, израиллыларға айт, олар өзлери паналайтуғын қалаларды таңласын. 3Егер биреў абайсызда адам өлтирип қойса, ол сол жерге қашып барсын. Сизлердиң өлген адамның өш алыўшы әмеңгеринен қашып паналайтуғын бир жериңиз болыўы керек. 4Бул қалалардың бирине қашқан адам қала дәрўазасының қасында турып, өзиниң аўҳалын қаланың ақсақалларына билдирсин. Ақсақаллар оны қаласына қабыл етип, оған жасайтуғын орын берсин. 5Адам өлтирген адамның изинен өш алыўшы әмеңгери қуўып келсе, қаланың басшылары оны өш алыўшы адамға тапсырып жибермесин. Себеби ол абайсызда адам өлтирди ҳәм онда өлтирген адамына деген алдын ала ҳеш қандай қаслық болмаған. 6Адам өлтирген адам қаладағы жәмийетшилик алдында ҳүким етилмегенше ҳәм сол ўақытта хызмет еткен бас руўханий өлгенге дейин, сол қалада қалыўы керек. Соңынан ол өзи қашып шыққан қаласына, өз үйине қайтсын. 7Солай етип, олар Нафталийдиң таўлы үлкесиндеги, яғный Галиладағы Кедешти, Эфрайымның таўлы үлкесинде болған Шехемди ҳәм Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Кирят-Арбаны, яғный Хебронды таңлады. 8Және де, Иордан дәрьясының арғы жағындағы, Ерихоның шығысындағы мына қалаларды таңлады: олар Рубен урыўына тийисли тегисликтеги шөлде жайласқан Бесер қаласы, Гад урыўының жерлери ишиндеги Гиладтағы Рамот, Менашше урыўының жерлери ишиндеги Башандағы Голан еди. 9Бул қалалар израиллылар ҳәм олар арасында жасайтуғын келгинди адамлар ушын ажыратылды. Егер олардың биреўи абайсызда адам өлтирип қойса, өш алыўшы әмеңгердиң қолынан өлим көрмеў ушын, сол қалаларға қашып барады. Ол жәмийетшиликтиң алдында ҳүким етилмегенше, сол жерде қәўип-қәтерсиз болады.
Copyright information for
KaaIBT22C