‏ Joshua 6:21-24

21Ешуа усы жерге жансыз болып келген еки адамға:

– Сол бузық ҳаялдың үйине барыңлар. Ант ишкениңиздей, ҳаялды ҳәм оның пүткил жақынларын сыртқа алып шығыңлар, – деди.

22Үйге кирген жас жансызлар Рахабты, оның ата-анасын, аға-инилерин, ағайинлерин ҳәм оның үйиндеги ҳәмме адамларды алып шығып, Израилдың ордасының жанына әкелди. 23Соңынан олар қаланы ишиндегилери менен бирликте жағып жиберди. Тек гүмис, алтын, мыс ҳәм темир нәрселерди Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына салды. 24Ешуа бузық ҳаял Рахабты, оның әкесиниң үй-ишин ҳәм жақынларын тири қалдырды. Ешуаның Ерихоны көзден өткизип келиў ушын жиберген жансызларын жасырып қалған Рахаб бүгин де израиллылардың арасында жасамақта.
Copyright information for KaaIBT22C