Бул хатты Ийса Масийхтың ҳәм Яқыптың иниси Яҳуда жазған. Бул хат мазмуны жағынан Петрдиң екинши хатына уқсас болып, мақсети – масийхыйлардың арасына кирип алған жалған устазларды әшкара қылыўдан ибарат. Бул жалған устазлар Қудайдың мийрими ҳаққындағы хабарды бузып үйретип жүрди ҳәм гүна қылыўға ҳуқықымыз бар, деп өз нәпсилерин қандырып жүрди.

Хат қайсы қаладағы масийхыйлар жәмәәтине жазылғаны анық емес. Бирақ мәниси анық көринип турыпты, масийхыйларды жалған устазлардан узақ болыўға, олардың тәлиматына қарсы турыўға, соның менен бирге, исенимде өсип, адамларға сүйиспеншилик пенен қатнас жасаўға ҳәм реҳимли болыўға шақырады.

‏ Jude

Сәлемнама

1Мен, Ийса Масийхтың қулы ҳәм Яқыптың туўысқаны Яҳудадан, Әкемиз Қудай тәрепинен шақырылғанларға сәлем! Әкемиз Қудай сизлерди сүйеди ҳәм Ийса Масийхтың Өзи сизлерди сақлап келмекте.

2Сизлерге мийрим-шәпәәт, тынышлық ҳәм сүйиспеншилик мол-мол етип берилсин!

Жалған тәлимат

3Сүйикли туўысқанларым! Бизлерге ортақ болған қутқарылыўымыз ҳаққында жазыўды жүдә қәлеген едим. Енди мухаддеслерге
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
бироталаға берилген Ийсаға деген исеним ушын гүресиң деп, сизлерге нәсият етип жазыўға мәжбүр болдым.
4Себеби араңызға айырым қудайсыз адамлар жасырын кирип алған. Олар Қудайды мийримли деп, Оның мийриминен бузықшылық қылыў ушын пайдаланады, жалғыз Ҳүкимдарымыз ҳәм Ийемиз болған Ийса Масийхты тән алмайды. Ондайлардың жазасы әзелден-ақ жазылып қойылған.

5Булардың ҳәммесинен әлле қашан хабарыңыз болса да, мен сизлерге еслетип қоймақшыман: Ийемиз Өз халқын Мысырдан қутқарды, бирақ соңынан исенбейтуғынларды набыт етти . 6Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты. 7Буларға уқсап, Содом менен Гомора қалалары ҳәм олардың әтирапларындағы қалалар да бузықшылық ҳәм тәбийғый емес жынысый ҳарамылық иследи. Мәңгилик отта жаныў жазасын алған бул қалалар адамларға ескертиў болды .

8Сол сыяқлы, араңызға кирген бул адамлар да қыялпаразлыққа берилип, өз денелерин ипласлайды ҳәм Қудайдың бийлигин менсинбей, периштелерди мазақ етеди. 9Ҳәтте, бас периште Михаил да Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Жаратқан Ийениң Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди. 10Бирақ бул адамлар өзлери түсинбейтуғын нәрселерди мазақ етип, санасыз ҳайўанлар сыяқлы тек тәбийғый сезим бойынша жасағанлықтан набыт болады. 11Олар ҳәсирет шегеди! Өйткени Каинның жаўыз жолы менен бармақта. Билам сыяқлы дәмегөйшиликке берилген олар Қорах сыяқлы қозғалаң көтерип , набыт болады.

12Тек ғана өзин ойлап, қарым-қатнас кешелериңизде
Қарым-қатнас кешелер – Қудайға ҳәм бир-бирине деген сүйиспеншилигин көрсетиў ушын, исениўшилер ҳәр екшемби күни бирге аўқатланатуғын еди.
сизлер менен бирге ишип-жеген бундай уятсыз адамлар қәўипли. Олар самал менен көшип жүретуғын жаўынсыз бултларға, гүзде мийўесиз қалып өлген, тамыры менен жулып тасланған тереклерге уқсайды.
13Олар көбигин шашыратқан теңиздиң қәҳәрли толқынлары сыяқлы, патаслықларын әтирапқа шашыратады. Адасқан жулдызлар сыяқлы болған олар ушын тас түнек қараңғылық мәңгиге таяр тур.

14 15Адам-атаның жетинши әўлады болған Энох усы адамлар ҳаққында мына пайғамбаршылықты айтқан еди: «Мине, Жаратқан Ийе ҳәр бир адамды ҳүким қылыў ушын,
Қудайсыз гүнакарлардың барлық жаўыз ис-ҳәрекетлерин,
Өзине қарсы айтылған барлық жаман сөзлерин әшкара етиў ушын,
Өзиниң мың-мыңлаған периштелери менен келеди».

16Бул адамлар ҳәмме ўақыт налып, басқаларға кеўли толмайды. Олар нәпсиқаўлық пенен ис тутады ҳәм лапгөйлик етип, өз пайдасы ушын басқаларға жарамсақланады.

Ақыл-нәсиятлар

17Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масийхтың елшилери тәрепинен алдын айтылған сөзлерди еске түсириңлер. 18Олар сизлерге: «Дүньяның соңғы күнлеринде өз нәпсине берилген, Қудайдан қорқпайтуғын мазақ етиўшилер пайда болады» , – деген еди. 19Бундай адамлар – алаўызлық салыўшы ҳәм Мухаддес Руўхтан бос қалып, өзиниң гүнакар тәбиятының қулы болған адамлар.

20Бирақ сизлер, сүйикли туўысқанларым, ең мухаддес болған исенимиңизди өмириңиздиң тийкары қылып, жетилисип барыңлар. Мухаддес Руўх пенен дуўа етиңлер. 21Өзлериңизди мәңгилик өмирге еристиретуғын Ийемиз Ийса Масийхтың мийрим-шәпәәтин күтип, Қудайдың сүйиспеншилиги менен жасаўды даўам етиңлер. 22Исенимде екилениўши айырым адамларға мийримлилик пенен қатнас жасаңлар. 23Базыларды оттан шығарып, қутқарыңлар. Және басқаларға реҳимлилик көрсетиңлер. Деген менен, абайлы болыңлар. Ҳәтте, олардың денелериниң гүнакарлығы себепли былғанған кийимлеринен де жеркениңлер.

24 25Қутқарыўшымыз болған жалғыз Қудай сизлерди жығылыўдан сақлаўға, Өзиниң салтанатында уллы қуўаныш пенен минсиз қылып турғызыўға қүдиретли. Ийемиз Ийса Масийх арқалы әзелден, ҳәзир ҳәм мәңгиге, уллылық, салтанат, күш-қүдирет ҳәм ҳүкимдарлық Қудайдики болсын!

Аўмийин.
Copyright information for KaaIBT22C