Judges 1
Израиллылардың аман қалған қананлылар менен урысыўы
1Ешуаның өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийеден: «Қананлылар менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады. 2Жаратқан Ийе оларға: «Яҳуда урыўы барады, Қанан үлкесин оған тәслим қыламан», – деп жуўап берди. 3Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўына: «Қананлылар менен урысыў ушын, бизлердиң пайымызға тийген жерге бизлер менен бирге барың. Соңынан бизлер де сизлердиң пайыңызға тийген жерге сизлер менен бирге барамыз», – деди. Солай етип, Шимон урыўы Яҳуда урыўы менен бирге кетти. 4Яҳуда урыўы урысқа шықты ҳәм Жаратқан Ийе қананлылар менен перизлерди оларға тәслим қылды. Яҳуда урыўы Безекте олардан он мың адамды өлтирди. 5Сол жерде олар Адоний-Безек пенен ушырасып, оның менен урысты ҳәм қананлылар менен перизлерди жеңилиске ушыратты. 6Адоний-Безек қашып кетти, бирақ олар оны қуўып жетип, услап алды да, қол ҳәм аяқларының бас бармақларын кесип таслады. 7Сонда Адоний-Безек: «Қол ҳәм аяқларының бас бармақлары кесилген жетпис патша мениң дастурханымнан түскен усақларды терип жеген еди. Енди болса, мениң оларға ислегенлеримди Қудай алдыма келтирди», – деди. Олар Адоний-Безекти Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде өлди. 8Яҳуда урыўы Ерусалимге ҳүжим жасап, қаланы басып алды ҳәм халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди. 9Соннан кейин, олар таўлы үлкеде, Негебте ҳәм батыстағы таў етеклеринде жасайтуғын қананлылар менен урысыў ушын жолға түсти. 10Ески аты Кирят-Арба болған Хебронда жасайтуғын қананлыларға қарсы атланыс жасап, Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерди жеңип шықты. 11Ол жерден олар ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына да қарсы урыс ашты. 12Сонда Калеб: – Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди. 13Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди. 14Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп: – Әкемнен бир атыз сора, – деди. Калеб ешектен түсип атырған қызынан: – Қандай тилегиң бар? – деп сорады. 15Қыз әкесине: – Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди. 16Муўсаның қәйин атасының урпақлары болған кенлер Яҳуда урыўы менен бирге Пальма қаласынан ▼▼ Пальма қаласы – бул 3:13 аят сыяқлы Ерихо қаласы ямаса басқа жер болыўы мүмкин.
шығып, Арадтың қубласындағы Яҳуда шөлинде жасаўға кетти ҳәм сол жердеги халықлар арасына орналасты. 17Соннан кейин, Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўы менен бирге барып, Сефат қаласында жасап атырған қананлыларды қыйратты ҳәм олардың қаласын толығы менен жоқ етти. Солай етип, ол жер Хорма ▼▼ Хорма – «пүткиллей жоқ етиў» ямаса «бағышланған» дегенди билдиреди.
деп аталды. 18Яҳуда урыўы Газаны, Ашкелонды, Экронды ҳәм оларға тийисли жерлерди де басып алды. 19Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады. 20Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды. 21Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр. Эфрайым ҳәм Менашше урыўларының Бейт-Элди басып алыўы
22Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди. 23Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде, 24олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар: – Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди. 25Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди. 26Сол адам хетлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.Израиллылардың қанан ҳәм амор халықларын толық қуўып шығармаўы
27Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби қананлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти. 28Израиллылар күшке толысқан ўақтында, қананлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди. 29Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын қананлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм қананлылар Гезерде олардың арасында жасады. 30Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды. 31Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады. 32Олар сол жерлердеги қананлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады. 33Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған қананлылар менен бирге жасады ҳәм қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды. 34Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды. 35Аморлар Ҳар-Хересте, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуптиң урпақлары күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды. 36Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C