Judges 10
Тола
1Абимелехтиң өлиминен кейин, Израилды қутқарыў ушын Иссахар урыўынан Додоның ақлығы, Пуаның улы болған Тола атлы бир адам шықты. Тола Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шамирде жасайтуғын еди. 2Ол Израилға жигирма үш жыл бийлик еткеннен соң, қайтыс болды ҳәм Шамирде жерленди.Яир
3Соннан кейин, Гиладтан Яир деген адам шығып, Израилда жигирма еки жыл бийлик етти. 4Оның отыз улы болды. Олар отыз ешекке минип, отыз қаланы басқарды. Гилад жериндеги бул қалалар бүгин де Яирге тийисли қалалар деп аталады. 5Яир өлип, Қамонда жерленди.Израилдың душпанларының қолына тәслим етилиўи
6Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Олар Бааллар ҳәм Аштарталарға, арамлылар, сидонлылар, моаблылар, аммонлар ҳәм филистлердиң бутларына табынып кетти. Олар Жаратқан Ийени таслап кетти, Оған сыйынбай қойды. 7Солай етип, израиллыларға ғәзеби қайнаған Жаратқан Ийе оларды филистлер менен аммонлардың қолына тапсырды. 8Олар Иордан дәрьясының арғы тәрепинде, Гиладтағы аморлардың жеринде жасайтуғын пүткил израиллыларды сол жылдан баслап он сегиз жыл даўамында езип, оларға зулымлық иследи. 9Аммон халқы Яҳуда, Бенямин ҳәм Эфрайым урыўлары менен урысыў ушын Иордан дәрьясынан өтти. Сол себепли Израил аўыр аўҳалда қалды. 10Сонда израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер Саған қарсы гүна иследик. Сени, өз Қудайымызды таслап, Баалларға табынып кеттик, – деп нала шекти. 11Жаратқан Ийе израиллыларға былай деп жуўап берди: – Сизлерди мысырлылардан, аморлардан, аммонлардан ҳәм филистлерден қутқарған Мен емес пе едим? 12Сидонлылар, амалеклер ҳәм маонлылар сизлерге езиўшилик қылғанда да, сизлер Маған нала шеккен едиңиз ҳәм Мен сизлерди олардың қолынан қутқарған едим. 13Бирақ сизлер Мени таслап, басқа қудайларға табынып кеттиңиз. Сол себепли Мен де енди сизлерди қутқармайман. 14Барыңлар, таңлаған қудайларыңызға нала етиңлер. Қыйыншылыққа түскениңизде, сизлерди олар қутқарсын. 15Израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер гүна иследик. Нени мақул деп тапсаң, бизлерге соны исле. Тек бүгин бизлерди қутқар, – деди. 16Соңынан олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслап, Жаратқан Ийеге сыйынды. Жаратқан Ийе де израиллылардың жәбир шегиўине артық шыдамады. 17Аммонлар урысыў ушын жыйналып, Гиладта орда қурғанда, израиллылар да жыйналып, Миспада ордасын қурды. 18Гилад әскерлериниң басшылары бир-бирине: «Аммонларға қарсы биринши болып урысты баслаған адам пүткил Гилад халқының басшысы болады», – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C