Judges 11
Ифтах
1Гиладлы Ифтах деген бир мәрт жаўынгер бар еди. Ол бир бузық ҳаялдың улы болып, әкесиниң аты Гилад еди. 2Гиладтың өз ҳаялы да оған уллар туўып берди. Олар үлкейгенде Ифтахты қуўып, оған: – Әкемиздиң үйинен мийрас алмайсаң. Өйткени сен басқа бир ҳаялдың улысаң, – деди. 3Ифтах туўысқанларынан қашып, Тоб журтына жайласып алды ҳәм дөгерегине жыйналған оңбаған адамлар оның менен бирге басқыншылық ете баслады. 4Бир қанша ўақыт өткеннен кейин, аммон халқы израиллыларға урыс ашты. 5Урыс ўақтында, Гилад ақсақаллары Ифтахты алып келиў ушын Тоб журтына кетти. 6Олар Ифтахқа: – Жүр, бизлердиң сәркәрдамыз бол, аммонлар менен урысайық, – деди. 7Ифтах оларға: – Мени жек көрип, әкемниң үйинен қуўған сизлер емес пе? Басыңызға ис түскенде, не ушын маған келдиңиз? – деп жуўап берди. 8Гилад ақсақаллары оған: – Енди саған бас ийип келиўимиздиң себеби, сен бизлер менен бирге барып, аммонлар менен урыс. Сонда сен бизлерге, яғный Гилад халқына басшы боласаң, – деди. 9Ифтах олардан: – Аммонлар менен урысыўға мени алып барсаңыз ҳәм Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылса, онда мен сизлердиң басшыңыз боламан, – деди. 10Гилад ақсақаллары оған: – Жаратқан Ийе бизлерге гүўа болсын, анық айтқаныңдай болады, – деди. 11Солай етип, Ифтах Гилад ақсақаллары менен бирге кетти. Халық оны өзлерине басшы ҳәм сәркәрда етип қойды. Ифтах айтқан барлық сөзлерин Миспада, Жаратқан Ийениң алдында тәкирарлады. 12Соннан кейин, Ифтах аммон халқының патшасына елшилер жиберип: «Жеримизге урыс ашыўға келгендей, бизлердиң арамызда қандай келиспеўшилик болған еди?» – деди. 13Аммон патшасы Ифтахтың елшилерине мына жуўапты айтып жиберди: «Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Арнон дәрьясынан баслап Яббоқ ҳәм Иордан дәрьяларына дейинги жерлеримди алып қойды. Енди бул жерлерди маған урыссыз қайтарып бер». 14Ифтах аммон халқының патшасына және елшилер жиберип, 15былай деди: «Ифтах былай деп атыр: Израил Моаб жерлерин де, аммон халқының жерлерин де алмады. 16Себеби Израил Мысырдан шыққан ўақытта шөл арқалы жүрип, Қызыл теңизге, кейин Қадешке келди. 17Соңынан Израил Эдом патшасына елшилер жиберип, жерлери арқалы өтиўге рухсат сорады. Бирақ Эдом патшасы қулақ аспады. Израил Моаб патшасына да елшилер жиберди, бирақ ол да рухсат бермеди. Сонлықтан Израил Қадеште қалды. 18Кейин Израил шөл жерлер менен жүрип, Эдом менен Моаб жерлериниң әтирапынан өтти. Олар Моаб жериниң шығыс тәрепине келип, Арнонның арғы тәрепине орналасты. Бирақ Моаб шегарасының ишине кирмеди. Өйткени Арнон моаблылардың шегарасы еди. 19Соңынан Израил Хешбонда ҳүкимдарлық етип атырған аморлардың патшасы Сихонға елшилер жиберип: „Жеримизге барыў ушын сениң елиң арқалы өтиўимизге рухсат бер“, – деди. 20Бирақ Сихон Израилдың жеринен кесип өтиўине исенбеди. Сонлықтан ол барлық әскерлерин жыйнап, Яҳасада орда қурды ҳәм Израилға урыс ашты. 21Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Сихонды ҳәм оның пүткил халқын израиллыларға тәслим қылды. Израиллылар аморларды жеңип, олар жасаған жерлердиң ҳәммесин қолға киргизди. 22Олар Арноннан Яббоқ дәрьясына, шөлден Иордан дәрьясына дейин созылған пүткил Амор жерлерин ийелеп алды. 23Енди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе аморларды Өз халқы болған Израилдың алдынан қуўғаннан кейин, оларды қайтарып алыўға сениң қандай ҳақың бар? 24Қудайың болған Кемош саған бир жер берсе, ол жерге ийелик етпес пе едиң? Бизлер де Қудайымыз Жаратқан Ийениң өзлеримизге берген жерлерине ийелик етемиз. 25Сен Моаб патшасы Сиппор улы Балақтан үстемсең бе? Ол қашан израиллылар менен тартысып, қашан олар менен урысыўға шықты? 26Израиллылар үш жүз жылдан берли Хешбон менен Ароерде ҳәм олардың әтирапындағы аўылларда, және де, Арнон жағасындағы барлық қалаларда жасап киятыр. Усы ўақытқа дейин бул жерлерди не ушын алмадыңлар? 27Мен сениң алдыңда айыплы емеспен. Бирақ сен маған қарсы урысқа шығып, наҳақлық қылып атырсаң. Жаратқан Ийе – Қазы, Оның Өзи бүгин израиллыларға ҳәм аммонларға қазылық етсин». 28Бирақ Ифтахтың айтып жиберген бул сөзлерине Аммон патшасы қулақ салмады. 29Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Ифтахтың үстине түсти. Ифтах Гилад ҳәм Менашшеден, соңынан Гиладтағы Миспадан өтип, аммонларға қарай кетти. 30Ол Жаратқан Ийениң алдында ўәде берип былай деди: «Егер аммонларды маған тәслим қылсаң, 31оларды жеңип, саў-саламат қайтқанымда, мени күтип алыў ушын үйимниң есигинен биринши болып ким шықса, оны Жаратқан Ийеге бағышлап, жандырылатуғын қурбанлық етип беремен». 32Соннан кейин, Ифтах аммонлар менен урысыўға кетти. Жаратқан Ийе оларды Ифтахқа тәслим қылды. 33Ифтах Ароерден Миннитке шекемги жигирма қаланы ҳәм Абел-Керамимге шекемги қалаларды ўайран етип, аммонларды үлкен жеңилиске ушыратты. Солай етип, аммонлар израиллыларға бағынышлы болды. 34Ифтах Миспаға, өз үйине қайтқанда, оның қызы дәп шертип, ойынға түсип, оны күтип алыўға шықты. Бул қыз оның жалғыз перзенти болып, оннан басқа я улы, я қызы жоқ еди. 35Ифтах қызын көргенде, кийимлерин жыртып: – Ўаҳ, қызым, жүрегимди қан етип, мени бахтықара қылдың-ғо! Өйткени мен Жаратқан Ийеге берген ўәдемди буза алмайман, – деди. 36Қыз әкесине: – Аға, сен Жаратқан Ийеге ант иштиң. Жаратқан Ийе душпанларың болған аммонлардан сениң ушын өш алған екен, енди сен де аўзыңнан не шыққан болса, маған соны исле, – деди. 37Соңынан қыз әкесине және: – Бир тилегим бар: маған еки ай мәўлет бер, досларым менен таўға шығып, маған турмысқа шығыў несип етпегенине жылайын, – деди. 38Әкеси қызына: – Яқшы, бара ғой, – деп еки айға рухсат берди. Қыз дослары менен бирге таўға шығып, турмысқа шығыў несип етпегенине жылады. 39Еки айдан соң, қыз әкесиниң жанына қайтты. Әкеси берген ўәдесин орынлады. Қызға еркектиң қолы тиймеген еди. Соннан кейин, Израилда мынадай бир дәстүр пайда болды: 40Израил халқының қызлары ҳәр жылы таўға шығып, гиладлы Ифтахтың қызы ушын төрт күн аза тутатуғын болды.
Copyright information for
KaaIBT22C