Judges 12
Ифтах ҳәм Эфрайым арасындағы урыс
1Эфрайым урыўы жыйналып, Сафонға қарай кешип өтти. Олар Ифтахқа: – Аммонлар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди не ушын шақырмадың? Сонлықтан бизлер сени де, үйиңди де жағып жиберемиз, – деди. 2Ифтах оларға: – Халқым ҳәм мен аммонлар менен қатты жәнжеллескенимизде, мен сизлерди шақырған едим. Бирақ сизлер келип, мени олардың қолынан қутқармадыңлар. 3Мени қутқармайтуғыныңызға көзим жеткенде, жанымды қәўип астына қойып, аммонларға қарсы ҳүжим жасадым. Кейин Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылды. Не ушын бүгин мениң менен урысыўға келдиңлер? – деди. 4Эфрайым урыўынан болғанлар гиладлыларға: «Ҳәй, Эфрайым ҳәм Менашше урпақлары арасында жасайтуғын гиладлылар! Сизлер Эфрайымның қашқынларысыз», – деген еди. Сонда Ифтах пүткил Гилад халқын жыйнап, Эфрайым урыўына қарсы саўашқа түсти ҳәм оларды қыйратты. 5Иордан дәрьясындағы Эфрайым урыўының жерине қарай өтетуғын өткеллерди қолға алған гиладлылар өтпекши болып келген қашқыннан: «Эфрайым урыўынанбысаң?» деп сорағанда, ол: «Яқ» десе, 6сонда оларға: «Шибболет деп айт», – дейтуғын еди. Бирақ олар: «Сибболет» дейтуғын еди. Өйткени олар «шибболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди ▼▼ «Шибболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди – Олардың сөйлеў тиллеринде диалект өзгеше еди.
. Сол себепли оларды услап, Иордан дәрьясының өткеллеринде өлтиретуғын еди. Сол ўақытта эфрайымлылардан қырық еки мың адам өлтирилди. 7Гиладлы Ифтах Израилда алты жыл бийлик қылды. Соннан кейин ол өлип, Гиладтың бир қаласында жерленди. Ибсан, Элон ҳәм Абдон
8Кейин ала Израил халқына бейтлеҳемли Ибсан бийлик етти. 9Ибсанның отыз улы ҳәм отыз қызы болды. Ол қызларын басқа тийрелерге узатып, улларын да басқа урыўлардан үйлендирди. Ибсан Израилда жети жыл бийлик етти. 10Соңынан ол өлип, Бейтлеҳемде жерленди. 11Ибсаннан кейин, Израилда Зебулон урыўынан болған Элон он жыл бийлик етти. 12Ол өлип, Зебулон жериндеги Айялонда жерленди. 13Элоннан кейин, Израилда Пиратоннан болған Ҳиллел улы Абдон бийлик етти. 14Абдонның жетпис ешекке минип жүретуғын қырық улы ҳәм отыз ақлығы болды. Абдон Израилда сегиз жыл бийлик етти. 15Пиратонлы Ҳиллелдиң улы Абдон өлип, Эфрайым жериндеги, бурын амалеклерге тийисли болған таўлы үлкедеги Пиратонға жерленди.
Copyright information for
KaaIBT22C