‏ Judges 13

Самсонның туўылыўы

1Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Жаратқан Ийе де оларды қырық жылға филистлердиң қолына тапсырды.

2Сора қаласынан, Дан урыўынан болған Маноах атлы бир адам бар еди. Оның ҳаялы нәсилсиз болып, ҳеш перзенти жоқ еди. 3Жаратқан Ийениң периштеси ҳаялға көринип, оған былай деди:

– Сен нәсилсиз болып, перзент көрмеген болсаң да, енди ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң.
4Ендигиден былай абайлы бол, сен шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. 5Себеби сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Оның басына пәки тиймесин. Өйткени бала ана қурсағынан баслап-ақ, Қудайға бағышланған болады ҳәм ол Израил халқын филистлердиң қолынан қутқара баслайды.

6Ҳаял күйеўине былай деди:

– Қасыма Қудайдың бир адамы келди. Ол Қудайдың периштеси сыяқлы жүдә айбатлы еди. Мен оннан қай жерден келгенин сорамадым, ол да маған атын айтпады.
7Бирақ ол маған: «Сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Ендигиден былай, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. Себеби бала ана қурсағынан баслап, өлетуғын күнине дейин, Қудайға бағышланған болады», – деди.

8Сонда Маноах Жаратқан Ийеге дуўа етип: «О Ийем, Сен жиберген сол Қудайдың адамы және келиўин ҳәм туўылатуғын бала ушын не ислеўимиз кереклигин бизлерге үйретиўин жалбарынып сорайман», – деди.

9Қудай Маноахтың дуўасын еситти. Ҳаял атызда отырған ўақытта, Қудайдың периштеси оған және келди. Бирақ Маноах ҳаялының жанында жоқ еди. 10Ҳаял күйеўине хабар бериў ушын асығыс түрде жуўырып кетти ҳәм күйеўине:

– Ана бирде қасыма келген адам маған және көринди! – деди.

11Маноах турып, ҳаялының изине ерди ҳәм сол адамның жанына келип, оннан:

– Ҳаялым менен сөйлескен сиз бе? – деп сорады.

Сол адам оған:

– Аўа, мен, – деди.

12Маноах оннан:

– Сизиң айтқанларыңыз орынланғанда, бала қалай жасаўы ҳәм не ислеўи керек? – деп сорады.

13Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа былай деди:

– Ҳаялың айтқанларымның ҳәммесин орынласын.
14Ол жүзимнен исленген ҳеш бир нәрсени жемесин, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпесин ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жемесин. Буйырғанларымның ҳәммесин орынласын.

15Сонда Маноах Жаратқан Ийениң периштесине:

– Тоқтап турың. Сиз ушын бир ылақ соймақшымыз, – деди.

16Жаратқан Ийениң периштеси оған:

– Мени ириккениң менен таярлаған аўқатыңды жемеймен. Егер жандырылатуғын қурбанлық бермекши болсаң, оны Жаратқан Ийеге бер, – деди. Ал Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенлигин билмеген еди.

17Маноах Жаратқан Ийениң периштесине:

– Айтқанларыңыз орынланғанда, сизге алғыс айтыўымыз ушын, атыңыздың ким екенин айтың, – деди.

18Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа:

– Атымды не ушын сорап атырсаң? Мениң атым қупыя ат, – деди.

19Маноах бир ылақ пенен ғәлле садақасын алып, бир тастың үстинде Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. Сол ўақытта Маноахтың ҳәм оның ҳаялының көз алдында таң қаларлық ўақыя жүз берди: 20қурбанлық орыннан жалын көтерилгенде, Жаратқан Ийениң периштеси жалын менен бирге аспанға көтерилип кетти. Буны көрген Маноах ҳәм оның ҳаялы ет бетинен жерге жығылды. 21Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа ҳәм оның ҳаялына қайтып көринбеди. Сонда Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинди. 22Маноах ҳаялына:

– Бизлер сөзсиз өлемиз, өйткени Қудайды көрдик, – деди.

23Ҳаялы оған:

– Егер Жаратқан Ийе бизлерди өлтириўди қәлегенде, онда жандырылатуғын қурбанлығымызды ҳәм ғәлле садақамызды қабыл етпеген болар еди. Ол бүгин булардың барлығын бизлерге көрсетип те, айтып та отырмас еди, – деп жуўап берди.

24Солай етип, ҳаял ул туўып, оның атын Самсон деп қойды. Бала өсип үлкейди ҳәм Жаратқан Ийе оны жарылқады. 25Сора менен Эштаол арасындағы Махане-Данда болған Самсонды Жаратқан Ийениң Руўхы басқара баслады.
Copyright information for KaaIBT22C