Judges 15
Самсонның өш алыўы
1Бир неше күннен кейин, бийдай орағының ўақтында Самсон бир ылақ алып, ҳаялын көриўге барды ҳәм ол: – Ҳаялымның бөлмесине кирмекшимен, – деди. Бирақ ҳаялдың әкеси Самсонның кириўине рухсат бермеди 2ҳәм оған: – Сени қызымды таслап кетти деп ойлап, оны сениң күйеў жораларыңның бирине узатып жибердим. Кишкене қызым оннан гөре сулыўырақ емес пе? Оның орнына сол қызымды ала ғой, – деди. 3Сонда Самсон: – Енди филистлерге жаманлық қылсам да, ҳақым бар, – деди. 4Соңынан Самсон далаңлыққа шығып, үш жүз түлки услады. Ол ҳәр еки түлкиниң қуйрықларын бир-бирине байлап, қуйрықларының арасына бир шомнан байлап шықты. 5Самсон шомларды жағып, түлкилерди филистлердиң егинлериниң арасына жиберди. Солай етип, филистлердиң гүдилери, орылмаған бийдайлары, жүзим ҳәм зәйтүн бағлары жанып кетти. 6Филистлер: «Буны ким иследи?» – деп сорастырғанда, оларға: «Буны тимналының күйеў баласы Самсон иследи. Өйткени қәйин атасы оның ҳаялын күйеў жораларының бирине узатып жиберипти», – деген хабар жетти. Филистлер барды да, ҳаялды ҳәм оның әкесин жағып жиберди. 7Сонда Самсон оларға: – Усылай ислегениңиз ушын, сизлерден өш алмай қоймайман! – деди. 8Самсон оларға аяўсыз түрде ҳүжим жасап, олардың көбисин өлтирди. Соңынан ол Этам жартасына барып, сол жердеги бир үңгирди паналады. 9Филистлер де Яҳудаға барып, сол жерге орда қурды да, Лехийге шабыўыл жасады. 10Сонда яҳудалылар оларға: – Не ушын бизлер менен урысыўға келдиңлер? – деп сорады. Филистлер оларға: – Бизлерге қылғанын өзине ислеў ушын, Самсонды тутып алыўға келдик, – деп жуўап берди. 11Яҳудалылардан үш мың адам Этам жартасындағы үңгирге барып, Самсонға: – Филистлердиң бизлерге ҳүкимдарлық қылатуғынын билмейсең бе? Сен не ушын бизлерге булай иследиң? – деди. Самсон оларға: – Олар маған не ислеген болса, мен де оларға соны иследим, – деп жуўап берди. 12Олар Самсонға: – Бизлер сени байлап, филистлердиң қолына тапсырыў ушын келдик, – деди. Самсон оларға: – Мени өлтирмейтуғыныңызды айтып, ант ишиңлер, – деди. 13Олар Самсонға: – Болады, бизлер сени тек байлап, олардың қолына тапсырамыз. Сөз беремиз, сени өлтирмеймиз, – деди. Соннан кейин, олар Самсонды еки таза арқан менен байлап, үңгирден шығарды. 14Самсон Лехийге жақынласқанда, филистлер оны қышқырысып күтип алды. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Самсонды бийлеп алды ҳәм оның қолларына байланған арқанлар жанған сабан сыяқлы үзилип түсти. 15Самсон жаңа өлген бир ешектиң жақ сүйегин таўып, оны қолына алды да, оның менен мың адамды өлтирди. 16Соңынан ол былай деди:«Бир ешектиң жақ сүйеги менен,Оларды үйиндилерге айландырдым,
Бир ешектиң жақ сүйеги менен,
Мың адамды өлтирдим».
17Самсон буларды айтып болғаннан соң, жақ сүйекти ылақтырып таслады. Сол жер Рамат-Лехий ▼
▼ Рамат-Лехий – «жақ сүйеги төбешиги» дегенди билдиреди.
деп аталды. 18Бирақ Самсон қатты шөллегенликтен, Жаратқан Ийени шақырып: «Сен Өз қулыңа уллы бир жеңис бердиң. Бирақ енди мен шөлден өлип, сүннетсизлердиң қолына түсемен бе?» – деди. 19Сонда Жаратқан Ийе Лехийдеги шуқырлықты жарды ҳәм оннан суў шықты. Самсон суў ишип, ҳәлленип алды. Сонлықтан суў шыққан жерге Эн-Ҳаққоре ▼▼ Эн-Ҳаққоре – «Шақырғанның булағы» дегенди билдиреди.
деген ат берилди. Булақ бүгин де Лехийде тур. 20Самсон филистлердиң ҳүкимдарлық дәўиринде израиллыларға жигирма жыл бийлик қылды.
Copyright information for
KaaIBT22C