Judges 16
Самсон Газада
1Бир күни Самсон Газаға барды. Сол жерде бир бузық ҳаялды көрип қалып, оның менен бирге түнеди. 2Газалыларға: «Самсон усы жерге келди», – деген хабар жетиўден, олар сол дөгеректи қоршап алды да, түн бойы Самсонды аңлып, қала дәрўазасының жанында буққы таслап жатты. Олар: «Күн шығыўдан, оны өлтиремиз», – деп ойлап, түн бойы турған жеринен қыймылдамады. 3Ал Самсон түн ортасына дейин жатты. Ол түн ярымында орнынан турып, қала дәрўазасын еки жақлаў ҳәм илгиши менен қосып, орнынан қопарып алды. Оны ийнине қойып, Хебронның қарсы алдындағы таўдың төбесине апарып таслады.Самсон ҳәм Делила
4Буннан соң, Самсон Сорек ойпатлығында жасайтуғын Делила атлы бир қызға ашық болып қалды. 5Филист ҳүкимдарлары қызға келип: – Сен Самсонның қүдиретли күшиниң сыры неде екенин билип бер. Оны байлап бойсындырыўымыз ушын, қалай жеңе алатуғынымызды айтыўға ҳийле менен оны көндир. Усылай ислесең, бизлер саған ҳәр биримиз бир мың бир жүз шекел гүмистен беремиз, – деди. 6Сонда Делила Самсонға: – Илтимас, маған бул қүдиретли күшти қай жерден алып атырғаныңды айт. Сени бойсындырыў ушын, не менен байлаў керек? – деп сорады. 7Самсон оған: – Егер мени кеппеген жети таза гирис пенен байласа, сонда мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди. 8Сонда Филист ҳүкимдарлары Делилаға кеппеген жети таза оқ жайдың гирисин әкелип берди. Делила оның менен Самсонды байлады. 9Сол ўақытта ишки бөлмеде қыздың жасырынып турған адамлары бар еди. Делила Самсонға: – Самсон! Филистлер бастырып келди! – деди. Самсон байланған гирислерди отқа жанған жип сыяқлы үзип таслады. Солай етип, оның күшиниң сыры ашылмай қалды. 10Сонда Делила Самсонға: – Мени алдап, жалған сөйледиң. Енди айт, сени не менен байлаў керек? – деди. 11Самсон оған: – Егер мени ҳеш қолланылмаған таза арқан менен байласа, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди. 12Солай етип, Делила таза арқанды алып, Самсонды байлады да: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Сол ўақытта аңлып отырғанлар ишки бөлмеде отыр еди. Самсон қолларындағы арқанды жип сыяқлы үзип таслады. 13Делила Самсонға: – Ҳәзирге дейин мени алдап, маған жалған сөйледиң. Маған айтшы, сени не менен байлаўға болады? – деди. Самсон оған: – Егер жети бурым шашымды өрмекке қосып тоқып, оны қазық пенен беккемлесең, мен әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди. 14Самсон уйықлап атырғанда, Делила оның жети бурым шашын өрмекке қосып тоқыды да, қазық пенен беккемледи. Соңынан ол: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Сонда Самсон уйқысынан оянып, өрмек ҳәм қазықты таўар менен қоса шашынан жулып алды. 15Сонда Делила Самсонға: – Маған исенбей турып, қалайынша: «Сени жақсы көремен», – деп айта аласаң? Мине, сен мени үшинши мәрте алдап, қүдиретли күшиңниң сыры неде екенин айтпай отырсаң, – деди. 16Делила ҳәр күни усы сөзлер менен Самсонның мазасын алып, қыйнап жиберди. Ақырында бул Самсонның жанына батқанлықтан, 17ол қызға өзиниң барлық ишки сырын ашып: – Мениң басыма ҳеш пәки тиймеген. Өйткени мен анамның қурсағына түскеннен баслап, Қудайға бағышланғанман. Егер шашымды алдырсам, мен өз күшимди жойтаман ҳәм әпиўайы адам сыяқлы күшсиз болып қаламан, – деди. 18Делила Самсонның ишки сырының барлығын ашып бергенин билгенде, филистлердиң ҳүкимдарларын шақыртты да: – Және келиңлер, өйткени Самсон маған өз сырын ашты, – деди. Филист ҳүкимдарлары қолларына гүмислерин алып, Делилаға келди. 19Делила Самсонды дизесиниң үстинде уйықлатты да, адамларынан биреўин шақырып, Самсонның жети бурым шашын қырқтырды. Солай етип, Делила Самсонның үстинен бийликти өз қолына ала баслады ҳәм оның күши қайтып қалды. 20Делила Самсонға: – Самсон! Филистлер киятыр! – деди. Самсон оянып: «Бурынғыдай өзимди азат етемен», – деп ойлады. Бирақ ол Жаратқан Ийениң өзин таслап кеткенин билмеген еди. 21Сонда филистлер оны қолға алып, көзлерин ойып таслады. Олар Самсонды Газаға апарып, қола шынжырлар менен байлады ҳәм қамақханада оған дигирман айдатты. 22Бирақ Самсонның қырқылған шашлары өсе баслады.Самсонның өлими
23Филист ҳүкимдарлары өз қудайы Дагонның ҳүрметине уллы байрам берип, оған қурбанлықлар бериў ҳәм кеўил көтериў ушын жыйналып: «Қудайымыз душпанымыз болған Самсонды бизлерге тәслим етти», – деди. 24Филист халқы Самсонды көргенде, өзлериниң қудайына былай деп алғыс айта баслады:«Өлтирип көп адамларымызды,Елимизди ўайран еткен душпанымызды,
Қудайымыз бизлерге тәслим етти».
25Олардың кейпи көтерилгенде: «Самсонды алып келиңлер, ол бизлердиң кеўлимизди көтерсин», – деди. Олар Самсонды қамақханадан әкелдирип, оны мазақ қыла баслады. Сонда оны өрелердиң арасына турғызып қойған еди. 26Самсон өзиниң қолынан услап келген хызметшиге: – Мен усы жайды тиреп турған өрелерге қолымды қойып, оларға сүйенип турайын, – деди. 27Бутхананың иши еркек ҳәм ҳаялларға толы болып, филистлердиң барлық ҳүкимдарлары да сол жерде еди. Үш мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар Самсонды тамаша қылыў ушын тамның басында тур еди. 28Самсон Жаратқан Ийеге: «Қудай Ийе, мени есиңе ал. Жалбарынаман, маған және бир мәрте күш бер, о Қудайым. Бир умтылғанда, филистлерден еки көзим ушын өш алайын», – деп жалбарынды. 29Соңынан ол бутхананы тиреп турған орайлық өрелердиң бириншисине оң қолын, ал екиншисине шеп қолын тиреди де: 30«Филистлер менен бирге өлейин!» – деди ҳәм бар күши менен өрелерди ийтерип жиберди. Бутхана филистлердиң ҳүкимдарларының ҳәм ишиндеги адамлардың ҳәммесиниң үстине қулап түсти. Солай етип, Самсон өлип баратырып, тири ўақтында өлтиргенлеринен гөре көбирек адамларды өлтирди. 31Самсонның туўған-туўысқанлары ҳәм пүткил үй-иши келип, оның өлигин алып кетти. Олар Самсонды әкеси Маноахтың Сора менен Эштаол арасындағы қәбирине жерледи. Самсон Израилда жигирма жыл бийлик қылған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C