‏ Judges 17

Миханың бутлары

1Эфрайымның таўлы үлкесинде Миха атлы бир адам бар еди. 2Миха анасына:

– Сеннен урланған бир мың бир жүз шекел гүмис есиңде ме? Сен оны урлағанды көз алдымда ғарғаған едиң-ғо. Сол гүмис менде, оны мен алған едим, – деди.

Сонда анасы оған:

– Сени Жаратқан Ийе жарылқасын, балам! – деди.
3Миха бир мың бир жүз шекел гүмисти анасына қайтарып берди.

Ал анасы:

– Улымның бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислетиўи ушын, мен бул гүмисти Жаратқан Ийеге бағышлайман. Улым, гүмисти өзиңе қайтарып берип атырман, – деди.

4Солай етип, анасы Миха қайтарып берген гүмистен еки жүз шекел алып, оны зергерге берди. Зергер оннан бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислеп берди. Олар Миханың үйине қойылды.

5Миханың сыйыныў ушын салдырған мухаддес үйи бар еди. Ол бир эфод
Эфод – сөзликке қараң.
ҳәм кийели мүсинлерди ислетип, улларының бирин руўханий етип тайынлады.
6Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.

7Сол ўақытлары Яҳуда урыўының Бейтлеҳем қаласында жасап атырған лебийли бир жас жигит бар еди. 8Ол жасаўға басқа бир жер табыў ушын, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан шықты да, жол-жөнекей Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Миханың үйине келди.

9Миха оннан:

– Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Ол Михаға:

– Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырман. Өзим лебийлимен, жасайтуғын жер излеп жүрмен, – деди.

10Миха оған:

– Мениң үйимде қалып, мениң кеңесгөйим ҳәм руўханийим бол. Мен саған жылына он шекел гүмис берейин, тамағыңды тойдырайын ҳәм кийиндирейин, – деди.
11Солай етип, лебийли жигит Миханың үйинде жасаўға келисим берди. Миха да оны өз улындай көрди. 12Миха лебийлини руўханий етип тайынлады ҳәм ол Миханың үйинде жасап қалды. 13Сонда Миха: «Енди мен Жаратқан Ийениң маған жақсылық қылатуғынын билемен. Өйткени мениң лебийли руўханийим бар», – деди.
Copyright information for KaaIBT22C