‏ Judges 18

Данлылардың Лайышқа жайласыўы

1Сол дәўирде Израилда патша жоқ еди. Сонда Дан урыўы мәканлайтуғын жер излеп атырған еди. Өйткени оларға Израил урыўлары арасында өзлерине тийисли үлес жер еле берилмеген еди. 2Солай етип, данлылар өз урыўындағы барлық тийрелери ишинен Сора ҳәм Эштаол қалаларынан болған бес батыр жигитти жерлерди көзден өткерип, оларды билип қайтыў ушын жиберди. Олар жигитлерге:

– Барып, жерлерди көзден өткизиңлер, – деди.

Жигитлер Эфрайымның таўлы үлкесинде жайласқан Миханың үйине келди ҳәм сол жерде түнеп қалды.
3Олар Миханың үйиниң жанында турғанда, лебийли жас жигитти сөйлеген сөзиниң өзгешелигинен таныды ҳәм сол тәрепке бурылып, оннан:

– Сени бул жерге ким әкелди? Бул жерде не ислеп атырсаң? Не ушын бул жердесең? – деп сорады.

4Лебийли жигит Миханың өзине не ислегенлерин айтып:

– Миха мени жаллады, мен оған руўханийлик қыламан, – деди.

5Сонда данлылар оған:

– Бизлердиң баратырған бул жолымыздың сәтли яки сәтсиз екенин Қудайдан сорап, билип бер, – деди.

6Руўханий оларға:

– Қәўетерленбей кете бериңлер, Жаратқан Ийе баратырған жолыңызда яр болады, – деп жуўап берди.

7Солай етип, сол бес адам жолға шығып, Лайышқа келди. Олар қала халқының сидонлылар сыяқлы қәўипсиз, тыныш ҳәм бийғам өмир сүрип атырғанын көрди. Бул үлкениң халқына ҳүкимин өткизип, жәбир беретуғын ҳеш ким жоқ еди. Олар сидонлылардан узақта болып, ҳеш ким менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.

8Бес жигит Сора ҳәм Эштаолға, урыўласларының жанына қайтқанда, урыўласлары олардан:

– Қандай хабар алып келдиңлер? – деп сорады.

9Жигитлер оларға былай деп жуўап берди:

– Жүриңлер, сидонлыларға ҳүжим етейик. Бизлер олардың жерин көрдик, ол жүдә жақсы жер екен. Не қылып турсызлар? Иркилмей барып, оған ийелик етейик.
10Ол жерге барғаныңызда, бийғам жасап атырған халықты ҳәм жүдә кең жерди көресизлер. Ҳеш қандай кемшилиги жоқ ол жерди Қудай қолыңызға тапсырып атыр.

11Сонда Дан урыўынан алты жүз адам қуралланып, Сора ҳәм Эштаолдан жолға шықты. 12Олар Яҳудаға келип, Кирят-Ярим қаласының жанында орда қурды. Сол себепли Кирят-Яримниң батысындағы бул жер бүгинги күнге дейин Махане-Дан
Махане-Дан – «Дан ордасы» деген мәнисте.
деп аталады.
13Данлылар сол жерден Эфрайымның таўлы үлкесине қарай кетип, Миханың үйине келди.

14Лайыш журтын көзден өткериўге кеткен бес жигит урыўласларына:

– Сизлер мына үйлердиң биринде эфод, кийели мүсинлер, жонылған бир бут ҳәм қуйма бир бут бар екенин билесизлер ме? Енди не ислеў кереклигин өзлериңиз шешиңлер, – деди.
15Сонда олар лебийли жас жигит жасап атырған Миханың үйине келип, лебийлиден ҳал-аўҳал сорады. 16Ал қуралланған алты жүз данлы адам дәрўазаның кирер аўзында турды. 17Жерди көзден өткерген бес жигит үйге кирип, эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм жонылған бут пенен қуйма бутты алып шықты. Руўханий ҳәм қуралланған алты жүз адам дәрўазаның кирер аўзында турған еди.

18Олардың Миханың үйине кирип, эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм бутларды алып шыққанын көрген руўханий олардан:

– Не қылып атырсызлар? – деп сорады.

19Олар руўханийге:

– Үниңди өшир, аўзыңды жап. Сен бизлер менен бирге жүр де, бизлерге кеңесгөй ҳәм руўханий бол. Саған бир адамның үйинде руўханийлик еткениң жақсы ма, я Израилдың бир урыўы ямаса бир тийресине руўханийлик еткениң жақсы ма? – деди.
20Руўханий қуўанып кетти. Ол эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм бутты алып, сол адамлар менен бирге кетти. 21Данлылар бала-шағаларын, малларын ҳәм дүнья-мүлкин алдына салып, жолға шықты.

22Данлылар Миханың үйинен узақласқанда, Миханың қоңсы-қобалары жыйналып, оларды қуўып жетти. 23Олар данлылардың изинен бақырғанда, данлылар артына бурылып қарап, Михаға:

– Не болып қалды, неге адамларды жыйнап келдиң? – деди.

24Миха оларға:

– Сизлер мениң руўханийимди ҳәм соқтырған бутларымды алып кеттиңлер. Маған не қалды өзи? Және меннен: «Саған не болды?» – деп сорағаныңыз неси?! – деди.

25Данлылар оған:

– Үниңди өшир! Болмаса, адамларымыздың базылары ғәзепленип, ҳүжим етсе, өзиңди де, шаңарағыңды да набыт қыласаң, – деди.
26Соннан кейин, данлылар жолларын даўам етти. Миха олардың өзинен гөре күшлирек екенлигин көрип, үйине қайтып кетти.

27Ал данлылар Миханың соқтырған затларын ҳәм руўханийин жанына алып, Лайышқа қарай кетти. Олар тыныш ҳәм бийғам қала халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди. 28Бейт-Рехобтың жанындағы ойпатлықта жайласқан Лайыш қаласына жәрдемге келетуғын ҳеш ким болмады. Өйткени Лайыш Сидоннан узақта болып, басқа қалалар менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.

Дан урыўы қаланы жаңадан қурып, сол жерге орналасып қалды.
29Олар Израилдың улы болған бабасы Данның ҳүрметине қаланы Дан деп атады. Қаланың ески аты Лайыш еди. 30Данлылар жонылған бутты сол жерге орнатты. Муўсаның ақлығы болған Гершомның улы Ионатан ҳәм оның урпақлары сүргинге дейин Дан урыўына руўханийлик қылды. 31Қудайдың Үйи Шилода болған ўақыт даўамында, данлылар Миха ислеткен жонылған бутқа табынды.
Copyright information for KaaIBT22C