Judges 2
Жаратқан Ийениң периштеси Бохимде
1Жаратқан Ийениң периштеси Гилгалдан Бохимге келип, израиллыларға былай деди: – Сизлерди Мысырдан шығарып, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерге алып келдим. Мен сизлерге: «Сизлер менен дүзген келисимимди ҳеш қашан бузбайман. 2Ал сизлер бул жерлерде жасап атырғанлар менен келисим дүзбеңлер ҳәм олардың қурбанлық орынларын қыйратып таслаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар. Не ушын бундай иследиңлер? 3Және де, Мен сизлерге: «Бул халықларды сизлердиң араңыздан қуўып шығармайман. Олардың өзлери сизлерге душпан, ал қудайлары дузақ болады», – деп айтқан едим. 4Жаратқан Ийениң периштеси усы сөзлерди айтқанда, пүткил Израил халқы дад салып жылай баслады. 5Сонлықтан олар сол жерди Бохим ▼▼ Бохим – «жылап атыр» дегенди билдиреди.
деп атады ҳәм сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды. Ешуаның өлими
6Ешуа халықты тарқатып жибергеннен соң, олардың ҳәр қайсысы өз пайына тийген жерлерди ийелеп алыў ушын жолға шықты. 7Ешуаның тири ўақтында ҳәм Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген уллы ислерин көрип, Ешуадан кейин өмир сүрген ақсақаллар дәўиринде, халық Жаратқан Ийеге хызмет етти. 8Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды. 9Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзиниң пайына тийген Тимнат-Херес деген жерге жерледи.Израиллылардың Жаратқан Ийеден узақласыўы
10Бул әўладтан болғанлардың ҳәммеси өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, Жаратқан Ийени танымайтуғын ҳәм Оның Израил халқы ушын ислеген ислерин билмейтуғын басқа бир әўлад өсип жетисти. 11Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Баалларға табына баслады. 12Олар өзлерин Мысырдан алып шыққан ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурып, әтираптағы халықлардың қудайларына аўып кетти ҳәм оларға табынды. Бул Жаратқан Ийениң қәҳәрин келтирди. 13Өйткени олар Жаратқан Ийеден жүз бурып, Баал ҳәм Аштарта бутларына табына баслаған еди. 14Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израил халқына ғәзеби қайнап, оларды мүликлерин тонайтуғын басқыншылардың қолына тапсырды. Жаратқан Ийе оларды әтираптағы душпанларға тәслим етти. Солай етип, артық олар душпанларына қарсы тура алмады. 15Жаратқан Ийениң айтқанындай ҳәм ант ишкениндей, Израил халқы ҳәр сапар саўашқа түскенде, Жаратқан Ийениң Өзи оларға қарсы болды ҳәм олар аўыр аўҳалда қалды. 16Сонда Жаратқан Ийе оларды тонаўшылардың қолынан қутқаратуғын бийлерди жиберди. 17Бирақ олар бийлерди де тыңламады ҳәм Жаратқан Ийеге опасызлық етип, басқа қудайларға табынып кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрықларын орынлаған ата-бабалары сыяқлы болмай, ата-бабалары жүрген жолдан тез азғырылды. 18Жаратқан Ийе олар ушын бир бий таңлап шығарғанда, Ол сол бий менен бирге болды ҳәм сол бий жасаған ўақытта оларды душпанларының қолынан қутқаратуғын еди. Себеби олар езиўшилик ҳәм зулым астында нала шеккенде, Жаратқан Ийениң оларға реҳими келетуғын еди. 19Деген менен, бийлер өлиўден-ақ, олар ата-бабаларынан да бетер болып, және басқа қудайлардың изине еретуғын, оларға хызмет етип, табынатуғын еди. Олар ислеген жаман ис-ҳәрекетлеринен ҳәм қайсарлықтан ўаз кешпеди. 20Солай етип, Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, былай деди: «Бул халық Мениң ата-бабаларына орынлаң деп буйырған келисимимди бузып, сөзиме қулақ салмады. 21Сонлықтан енди Мен де Ешуа өлгенде, усы жерлерде қалған халықлардың ҳеш бирин олардың алдынан қуўып шығармайман. 22Ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң жолынан жүретуғынын ямаса жүрмейтуғынын көриў ушын, оларды усы миллетлер арқалы сынайман». 23Солай етип, Жаратқан Ийе сол миллетлерди дәрҳал қуўып шығармаған ҳәм оларды Ешуаға тәслим еттирмей, елде қалыўға рухсат берген еди.
Copyright information for
KaaIBT22C